Быйыл 24-26-март күнлери Ташкент қаласында биринши мәрте Ташкент халықаралық инвестиция форумы болып өтеди.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң басламасы менен өткерилип атырған бул әнжуман стратегиялық басламаларды әмелге асырыўды додалаў ҳәм халықаралық бизнес жәмийетшилигине мәмлекетимиздиң инвестициялық имканиятларын көрсетиў ушын жаратылып атырған жаңа майдан болатуғыны нәзерде тутылған.

Илаж даўамында республикамыздың жедел раўажланып атырған базарына интеграция процеси менен қызыққан ири сырт ел инвестициялық, финанслық-экономикалық  шөлкемлери ҳәм кәрханаларының басшылары тартылады.

Форумда қатнасыў ушын www.iift.uz сайты арқалы дизимнен өтиў мүмкин.

ӨзА