Бурын хабар етилгениндей, Презиндентимиз Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық реформалардың барысы, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысыў мақсетинде 19-20-январь күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Өзбекистан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына сапар етиўиниң екинши күнинде Қубла-батыс арнаўлы округине қараслы әскерий бөлимде болды. Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде берилген ўазыйпалардың қалай орынланып атырғаны менен танысты. Әскерлер менен пикирлести.

Елимизде жаңа редакциядағы Қорғаныў доктринасы қабыл етилди. Оннан гөзленген тийкарғы мақсет миллий армиямыздың жаўынгерлик қүдиретин арттырыў, халқымыздың тыныш-татыў турмысын буннан былай да беккемлеў болып табылады, деди мәмлекетимиз басшысы. Доктринада Өзбекистан сыртқы сиясатының ашық-айдынлық принципи, жақын қоңсылар менен дослықты ҳәм әмелий қатнасықларды раўажландырыў, мәмлекетимиздиң ғәрезсизлиги менен суверенитетин буннан былай да беккемлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп қойылды.

Елимиздиң геостратегиялық орналасыўының өзине тәнлиги, сондай-ақ, регионда жүзеге келип атырған әскерий-сиясий жағдайды есапқа алған халда, Қураллы Күшлер бирлеспелериниң ўазыйпалары менен структуралары қайта көрип шығылды. Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитет дүзилди. Әскерий кадрларды таярлаў тараўында алып барылып атырған системалы өзгерислер тийкарында Қураллы Күшлер академиясының жумысы түп-тийкарынан қайта шөлкемлестирилди. Қорғаныў министрлиги әскерлерин қурал-жарақ, әскерий техника ҳәм байланыс қуралларының заманагөй түрлери менен тәмийинлеў жумыслары жаңа басқышқа көтерилди.

Әскерлеримиз физикалық ҳәм руўхый жақтан күшли, жетик, заманагөй билимлерди пуқта өзлестирген шахслар болыўы керек, деди Президентимиз. Әмир Темур, Жалаладдин Мангуберди сыяқлы уллы бабаларымызға мүнәсип хызмет етиўиңиз зәрүр, неге дегенде, жасларымыз ўатанды сүйиўшилик ҳәм ана-Ўатанға садықлық сезимлеринде сизден өрнек алсын.

Ушырасыўда әскерлердиң хызмет ҳәм жасаў шараятын жақсылаў, перзентлери жоқары оқыў орынларында оқыўында жеңилликлер енгизиў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын буннан былай да жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Бул ушын орынларда шөлкемлестирилген әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын жетилистириў зрүрлиги атап өтилди. Әскерлер ҳәм олардың шаңарақлары ушын барлық шараят жаратып бериледи.

Елимизде көркем өнер сарайларының, театрлардың жумысын жетилистириўге, материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, жаңа сахна шығармаларын дөретиўге, халықтың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Термиз қаласындағы 700 орынлық заманагөй Көркем өнер сарайы ҳәм 3 мың орынға мөлшерленген амфитеатрда «Файз-Бинокор-Олтиариқ» жеке меншик кәрханасының қурылысшылары тәрепинен 82 миллиард сумнан аслам қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылды. Франция, Англия, Испания, Россия ҳәм Қытайдан алып келинген заманагөй даўыс жазыў ҳәм оңлаў, жақтыландырыў системасы үскенелери, мониторлар орнатылды. Көркем өнер хызметкерлери ҳәм тамашагөйлер ушын барлық қолайлық жаратылды.

Аймағы 32,5 гектар болған орайдың әтирапы абаданластырылып, көклемзарластырылды. Музыкалы фонтан, автомобильлер туратуғын орын қурылды, заманагөй жақтыландырғышлар ҳәм орынлықлар орнатылып, ҳәр қыйлы тереклер менен гүл нәллери егилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы мәденият орайына белгили көркем өнер хызметкерлерин мирәт етип, биргеликте шеберлик сабақларын өткериў, «устаз-шәкирт» дәстүрин буннан былай да раўажландырыў, Ҳәким Термизий ҳәм Алпамыс туўралы спектакльлер сахналастырыў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев «Әмиўдәрья» балалар саламатландырыў дем алыў бағында жаратылған шараятлар менен де танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Сурхандәрья ўәлаятына алдынғы сапар етиўи ўақтында Термиз қаласында «Әмиўдәрья» балалар саламатландырыў дем алыў бағын қурыў жойбары менен танысып, аймақта инфраструктура объектлерин көбейтиў бойынша тапсырмалар берген еди.

Усыған муўапық, Сурхандәрья дәрьясының бойында 200 орынлық дем алыў орайы қурылып, өткен жылдың жаз мәўсиминде пайдаланыўға тапсырылды. Дем алыў бағында улыўма билим бериў мектеплериниң талантлы оқыўшылары, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери, имканияты шекленген балалар дем алдырылып, саламатландырылады.

Орай 6,2 гектар майданды ийелеген. Төрт жатақхана, амфитеатр, асхана, жүзиў бассейни, спорт майданлары, басқа да имаратлар менен объектлер қурылып, зәрүр инвентарьлар менен тәмийинленген. Балалардың мазмунлы ҳәм кеўилли дем алыўы, бос ўақтында ҳәр қыйлы дөгереклерге қатнасып, билими менен потенциалын бекклемлеўи ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылған.

Дем алыў бағына кириў жолындағы ата-аналар перзентлери менен ушырасатуғын имаратта еки фитобар, мәлимлеме-ресурс орайы, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлмеси, шынығыў заллары бар. Инглис тили, сүўретлеў көркем өнери, шебер қоллар, компьютер саўатханлығы сыяқлы он беске шамалас дөгеректе маман тренерлер шынығыў алып барады. Медицина бөлиминде балалар ушын физиотерапевтикалық емлеўлер, фитоемлеў хызметлери, дене тәрбиясы шынығыўларын өткериў шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы мәкемеде балалардың кеўилли дем алыўы, саламатлығын беккемлеўи, аўқатланыўы ҳәм жасаўы ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Усы жыл март айынан баслап дем алыў бағы жыл даўамында турақлы жумыс ислей баслайды. Оған елимиздиң барлық аймақларынан пән олимпиадалары, халықаралық таңлаўлар менен спорт жарысларының жеңимпазлары болған 5-11-класс оқыўшылары, жазғы дем алыста болса мың ул-қыз қабыл етиледи.

Бүгинги күнде дем алыў бағы Өзбекистан жаслар аўқамының қарамағына өткерилип, оны халықаралық жаслар дем алыў бағына айландырыў режелестирилмекте. Жақын күнлер ишинде бул жерге қоңсы еллер менен узақ шет еллерден балалардың келиўи күтилмекте. Бул бағдарда Өзбекистан жаслар аўқамының ҳәм БМШтың ЮНИСЕФ шөлкеми арасында бирге ислесиў жолға қойылды.

Дем алыў бағының жанында улыўма билим бериў мектеби қурылған. Мектеп негизинде 125 орынлық 22-санлы балалар музыка, көркем өнер ҳәм бақсышылық мектеби де жумыс алып барады. Оқыўшылар бул жерде бақсышылықтан ҳәм өзбек халық әсбапларынан сабақ алады. Оқыў сабақларын оқытыўшылар менен бирге, Өзбекистан халық бақсылары да алып барады.

Президентимиз мектепти көзден өткерди, Өзбекистан халық бақсылары Шоберди Болтаев ҳәм Абдуназар Поёнов пенен пикирлести.

Дәстаншылық ҳәм бақсышылық – миллий мақтанышымыз. Оның негизиндеги жақсы қәдриятларды халқымызға жеткериў зәрүр. Бақсышылық мектеби халық аўыз-еки дөретиўшилигиниң бийбаҳа ғәзийнелерин сақлаўға, оны раўажландырыўға, бақсылардың абыройын көтериўге хызмет етиўи керек. Усы жыл Наўрыз байрамы қарсаңында елимиз бақсыларының биринши республикалық семинарын шөлкемлестиремиз, оны ҳәр жылы белгили бир ўәлаятта өткериўди жолға қоямыз, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы «Ғәрезсизлик бақсылары» китабын шығарыў, Сурхандәрья ўәлаятындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде де усы көркем өнер түрин оқытыў бойынша тапсырмалар берди.

Усы жерде ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жойбарлар менен таныстырыў мәресими де өткерилди.

Президентимиз 2017-жыл 4-5-апрель күнлери Россия Федерациясына сапары ўақтында усы елдиң инвестициялық компаниялары менен Байсун районындағы «Өзбекистан ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы» газ кәнин өзлестириў, соның тийкарында газди қайта ислеў заводын ҳәм газ-химия комплексин қурыў бойынша өнимди бөлистириўге байланыслы келисимге қол қойылған еди. Жойбар 2023-жылы иске түсирилиўи режелестирилген. Нәтийжеде бул жерде жылына 4 миллиард кубометр газ қайта исленип, полимер өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады.

«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетиниң буйыртпасы тийкарында өткен жылдың ақырында Тупалаң дәрьясында бөгет  қурып питкерилген еди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде коммуникация жумыслары әмелге асырылмақта. Бөгеттиң бийиклиги 180 метр, жыйналатуғын суўдың көлеми 500 миллион кубометрди қурайды.

Бөгет иске түсирилиўи менен Топалаң дәрьясының жоқары бөлегинде қурылған ГЭС те қосымша 145 мегаваттлы гидротурбиналар орнатылып, ГЭС тиң улыўма қуўатлылығы 175 мегаваттқа жеткериледи. Буннан тысқары Топалаң дәрьясының аңғарында Зарчоб каскад ГЭС лериниң қурылыс жумыслары алып барылмақта. Оның қуўатлылығы 75,6 мегаватт саатты қурайды.

Учқызыл суў сақлағышы бойындағы «Термиз марвариди» санаториясы аймағында 200 орынлық дем алыў ҳәм кеўил ашар орны қурылмақта. Комплекстиң майданы  7,2 гектар. Бул жерде мийманхана, жүзиў бассейнлери, улыўма аўқатланыў шақапшалары, 3D кинотеатр, ойын қурылмалары, музыкалы фонтанлар ҳәм басқа да объектлердиң қурылыўы мөлшерленген. Суў сақлағыш бойында шомылыў аймағы, қайықлар бәндиргиси шөлкемлестирилмекте. Бул жер 2018-жыл 1-июньде пайдаланыўға тапсырылады.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, Термизде Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети ҳәм Ташкент медицина академиясының филиаллары шөлкемлестирилмекте.

Шавкат Мирзиёев бул филиалларды оқыў имаратлары ҳәм оқытыўшы кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерине тоқтап, студентлерди қабыл етиўде әдиллик өлшемлерине қатаң әмел етиў зәрүрлигин атап өтти. Студентлерди сабақтан тыс әмелиятқа кеңирек тартыў, олардың билимин тиккелей қоллана алыў көнликпесине ийе болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Сурхандәрья ўәлаятында кадрларға болған талапты үйренип шықтық. Ўәлаят жасларын усы жердиң өзинде оқытыў керек. Билимлендириўдиң сапасын арттырыў ушын Ташкент медицина академиясы ҳәм оның  Термиз филиалы арасында сабақларды онлайн режиминде оқытыўды жолға қойыў керек. Билимлендириўдиң бундай дәстүрий емес усылында да оқытыўшылардың потенциалынан өнимли пайдаланылады, және илимдеги алдыңғы тәжирийбени аймақларға жеткериўге ерисиледи, деди Президентимиз.

Елимизде кеселликлер профилактикасын заманагөй талапларға сай әмелге асырыўға, оларды нәтийжели емелеўге айрықша итибар қаратылмақта, орынларда жаңадан – жаңа емлеўханалар ашылмақта. Тараўдағы өзгерислерди избе-из әмелге асырыў, заманагөй кадрларға болған талапты өз ўақтында шешиў мақсетинде филиалларды быйыл 1-февральдан иске түсириў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Президентимиздиң Сурхандәрьяға сапары шеңберинде ўәлаяттың экономикасын буннан былай да арттырыўға, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаўға байланыслы бир қатар жойбарлар белгилеп берилди. Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят белсендилери менен ушырасып, олардың ой-пикирлери менен қызықсынды, турмыслық усынысларын тыңлады, жүзеге келген машқалаларды қысқа мүддетлерде шешиў бойынша тапсырмалар берди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Умар АСРОРОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары.