Халықаралық экспертлер, сиясаттаныўшылар ҳәм талқылаўшылар Өзбекистанда болып атырған өщгерислерди дыққат пенен бақламақта, әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа бермекте.
Америка Қурама Штатларының Өзбекистандағы Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси Памела Спратленниң «Америка ҳаўазы» телерадиосының хабаршысы Нәўбәҳәр Имамоваға берген интервьюинде де бул өз сәўлелениўин тапты.
Төменде усы сәўбетте билдирилген пикирлер итибарыңызға усынылмақта.
Өзбекистанда жумыс баслағаныма үш жыл болды, деди Памела Спратлен. 2015-жылы 27-январьда Президент Ислам Кәримовқа исеним жарлығын тапсырғанман. Сол дәўир менен салыстырғанда, ҳәзирги Өзбекистан күш-ғайратқа толы. Өзгериў ушын тилек күшли. Өзбекистанның дүньядағы орнын беккемлеў ҳәм оны раўажландырыў бойынша шын жүректен ҳәм ашық-айдын додалаў болмақта. Оғада көтериңки, қуўанышлы дәўир.
Шавкат Мирзиёев жетекши сыпатында көплеген регионаллық мәселелерди шешиўде инталылық көрсетпекте. Өзбекистан Президенти 2016-жылдың сентябринде шығып сөйлеген сөзинде жаңаша қоңсышылық сиясаты туўралы сөз етип, елимиз қоңсы мәмлекетлер менен байланысты беккемлейди, деген еди.
Бул тез әмелге асырылып, Президент дәслеп Түркменстанға, соң Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлерге барды. Бул Орайлық Азия менен ислесип киятырған тәреплер ушын оғада қуўанышлы. Регион үлкен потенциалға ийе деп келгенбиз ҳәм енди оны регионның өзи дәлиллеўге ҳәрекет етпекте. Ҳәммеде үлкен үмит бар.
Өзбекистан қоңсы Аўғанстан менен де бирге ислесиўди раўажландыра баслады. Президент Ашраф Ғани Өзбекистанда жүдә жақсы күтип алынды. Мен Президентлердиң рәсмий қабыллаў мәресиминде қатнасыў бахтына миясар болдым. Әжайып байланыслар. Президент Ғани Бухараға да барды ҳәм оған Бухара мәмлекетлик университетиниң ҳүрметли докторы атағы берилди.
Өзбекистанның Орайлық Азия мәмлекетлери, қала-берди, Аўғанстан менен байланысларын бақласаңыз, 2015-жылға қарағанда жер менен аспандай айырмашылықты көресиз.
АҚШ елшиси Президентимиздиң жумысындағы өзине тән тәреплери, елимиздеги реформалар туўралы өз пикирлерин билдирди.
Мениң нәзеримде, Президент Шавкат Мирзиёев жүдә ашық кеўил адам. Басшылыққа келиўи менен-ақ бул көзге тасланды. Адамлар менен жақыннан ашық-айдын пикирлесиўди қәлейди, сизди қунт пенен тыңлайды. Сөйлесип атырғанда сиз тәрепке ийиледи. Шавкат Мирзиёев АҚШ Президенти кеңесгөйиниң орынбасары, Миллий қәўипсизлик кеңесиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша үлкен директоры Лиза Кёртис пенен ушырасқанында да усылай пикирлести.
Президент Шавкат Мирзиёев көпшилик жағдайда сыртқы дүньяға жабық болған мәмлекеттиң ҳәмме ушын ашық екенин көрсетпекте. Усы мәнисте Мирзиёвти өз мәмлекетин жаңа жолдан алып барыўға таяр басшы, деп есаплаймыз.
Шавкат Мирзиёевтиң басшылыққа таңланыўы терең пикир-усыныслы бир қарар болды. Халықаралық жәмийетшиликте ҳеш ким Ислам Кәримовтың орнына усы адам келеди, деп күтпеген еди. Усы мәнисте Шавкат Мирзиёев ҳәммени, соның ишинде, мени де көпшилик жағдайда ҳайран қалдырған ҳәм ҳайран қалдырады. Ол адамлар менен ислесиўди қәлейди, аўызбиршилик тәрепдары. Президент лаўазымына келгенинен берли мәмлекет пенен халықты жақынластырыў ҳәрекетинде. Барлық дәрежедеги басшыларға халықтың мәплерин ойлаң, олар менен пикирлесиң, деп түсиндирмекте. Мениң нәзеримде, бундай қатнас жасаўды адамлар күтпеген еди.
Оның баслаған жумыслары нәтийже бере баслады. Бир нәрсе күндей рәўшан: ол мәмлекетлик уйымлардың залым болыўын қәлемейди, керисинше, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етсин, дейди.
Ҳүкимет систамасында ески дәўирден қалған адамлар болса да, талантлы жас басшылар көпшиликти қурайды. Шет елде оқығанларға кең жол ашылып атырғаны да үлкен өзгерис. Жасларға итибар жоқары. Шет елде ислеп атырғанларға да унамлы көзқараста қарап атырғаны мақтаўға ылайық.
Базар экономикасы да илгерилей баслады. Алдында исленетуғын жумыслар бир талай. Президенттиң бул бағдарда БМШ та ҳәм басқа да минберлерден турып сөз еткени, жаңа бағдарға өтиў, Нью-Йоркта АҚШ бизнес топарларына бул бойынша ашық-айдын айтқаны үлкен алғысқа ийе болды.
Ҳәр күни хош хабар. Бурынлары Өзбекистанға асықпай, әсте-ақырынлылық пенен ҳәрекет ететуғын халық ҳәм ҳүкимет деп қарайтуғын еди. Ҳәзир де көп жағынан мине, усы мәденият орнында. Бирақ, бүгинги сигнал сол, Өзбекистан алға қарай тез қәдем тасламақта.
Президент Мирзиёев исенимлилик пенен көбирек бизнесменлерди тартпақшы, елде тиккелей инвестиция ағымы көбейсин, демекте. 2017-жылы сентябрьде конвертация ашылғаны соған бел байланғанынан дәрек береди. Солай екен, және де көплеген хош хабарлар күтип қаламыз.
Ҳәзирге шекем өзгерислер артында оның өзи тур. Мирзиёев соншелли тез ҳәм талапшаң, оның менен теңдей қәдем таслаў қыйын.
Дурыс, басым күшли. Өзгерис ислеў керек. Бул негизинде имканият. Имканиятлардан пайдаланып қалыў зәрүр, себеби, олардың мүддети бар. Айырымлардың пикирине бола, 2-3 жыл.
Америка сиясий топарларының ўәкиллери Өзбекистан Президентине реформатор, деп қарайды. Ол көтерип атырған мәселелер, шығып сөйлеген сөзлеринде әҳмийет қаратып атырған темалар – мисли көрилмеген шығып сөйлеўлер Олий Мажлиске Мүрәжат мәресиминде мен жоқ едим. Конституция күниндеги шығып сөйлеген сөзин тыңладым. Қыйыншылықларға қарсы сөйледи. Бул тарийхый өзгерис. Бул – реформа. «Қара дизим»лердиң бийкар етилиўи, адамлардың оннан шығарылыўы – үлкен реформа.
Шавкат Мирзиёев өзи ислеп атырған жумыслардың дурыс баҳаланыўын қәлейди. Ол баслап атырған реформалардың тән алынып, қоллап-қуўатланыўын қәлейди. Халық ҳүкиметтен узақ еди, соны өзгертпекши. Ол реформатор сыпатында көпшиликке танылмақта.
Памела Спратленниң интервьюинде Өзбекистан – АҚШ қатнасықларына да айрықша итибар қаратылды.
Президент Мирзиёев АҚШ тың экономикалық жақтан белсенди болыўын қәлейди, әсиресе, саўда бабында. Өзбекистанда шараят жақсыланған сайын инвестициялар да көбейе береди. Бизнесменлеримиз өзи барады.
Америка – Өзбекистан саўда палатасының сентябрьде Нью-Йорктеги мәжилисинде АҚШта Өзбекистанға деген қызығыўшылық жоқары екени сезилди. Мине, усы қызығыўшылық енди әмелде қалай сәўлеленеди! Соның үстинде ислеў керек.
АҚШ ҳәм Өзбекистанның мәмлекет басшылары арасында жоқары дәрежеде ушырасыў болса, мен елши сыпатында жан деймен. Өткен айда Президентлер телефонда сөйлести. Нәтийжели, унамлы сөйлелесиў. Кейинги қәдемлер үстинде ҳәрекет етилмекте. Вашингтонға сапар етиў, әлбетте, ең әжайып ўақыя болады.
Орайлық Азия биз ушын оғада әҳмийетли регион. Вашингтонда Өзбекистанға қызығыўшылық оғада жоқары…
Өзгерислер тоқтамайды. Олардың даўам етиўи ушын Өзбекистан халқына ҳәм басшыларына күш-жигер тилеймен. Биз Өзбекистан менен жақыннан бирге ислесиўди қәлеймиз, ол анық.
2018-жыл Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Өзбекистан халқы ушын әжайып дәўир болсын, келешеги айдын болсын, деди АҚШ елшиси.
ӨзА