Қырғызларда туўысқанларды «бир туўған» деседи. Қырғыз қарақалпаққа туўысқанлығы да сол бир туўғанлықта деп ойлайман. Олардын ата-бабалары балаларымды бир-бири менен алжастырып алмайын, деп бирине ақ қалпақ кийгизип, таўлар таманға, екиншисине қара қалпақ кийдирип, саҳра таманға жиберген деседи, буны халықлардын соңғы әўладының уллы тулғалары Шыңғыс Айтматов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергеновлардың дөретпелери де тастыйықлайды.
Алатаўдан ақ қалпағың көринсе,
Қаратаўдан қара қалпақ былғайман…
-деп жырлайды Ибрайым Юсупов, ал Шыңғыс Айтматовтың саҳрайы қаҳарманы Едигениң тәғдиринде қарақалпақ халқының көкирегин көргендей боласаң.
Соңгы табылған Орхон-Енисей жазбалары менен Күлтегин жырларынан қырғыз ҳәм қарақалпақлардың ата-тегиниң бир екенлигин көриўге болады.
Алыс жолда адассаң,
Туўысқаның қәдирли…
-деп толықтырады устазы Ибрайым ағаны халық шайыры Улмамбет Хожаназаров.
Түркий тиллес мәмлекетлер Кенесиниң соңғы саммитинде бул халықаралық шөлкемниң жаңаша деңгейи белгиленип, ол ендигиден былай Түркий мәмлекетлер шөлкеми деп ҳәрекет баслағаны да заман ағымының гиддиман байрағы сыпатында желбирей баслады.
Шөлкемниң жумыс барысын бақлап отырып, оның тили түркий болган ҳәрбир адамның кеўлиндеги сезимлери екенин аңладым ҳәм баяғы студентлик жылларым ядыма түсти.
Ташкенттиң шетиндеги студентлер қалашасының 27-жатақханасында қырғыз жигитлер Арапбай, Әрипжанлар менен дәслепки қар жаўған күни Муҳаббат Шамаеваның «Қор ёғар» қосығын айтатуғын едик.
Бүгинги таңда қар жаўып баслады:
Қор ёғар, қор ёғар,
Поёндоз бўлиб,
Қор ёғар, қор ёғар,
Бир ҳам соз бўлиб…
Кемпиримнен жасырып жүрген сыр болса да айтайын, сол дәслепки қардың астында, бир қыздың қолынан услап жүргенди жақсы көретуғын едим. Кемпир қарға қарамай базарға кетти, мен қағаз қаралаўға киристим. Күни кеше Нөкистен «Манас» келди. Яқ, ол Халийла шайырдың баласы Манас емес, «Манас» деген уллы қырғыз халык дәстаны – Манас. Бул дәстан бизиң халықларымыздың бир туўған туўысқанлығымыздың тарийхый дереги, руўхый тутаслығымыздың оқ тамыры. Оны ҳешбир рентген, узи-пузи, ҳәттеки квант нурларыда анлай алмайтуғын руўхый бирлигимиз нышаны қырғызлар санасында көздиң қарашығындай әлпешлеп, үрим-путақларымыздың бир дәртине жарар деп сақлап келген «Манас» дәстаны. Туўысқанларымыз өзбек пенен қазақ өз тарийхына үңилсе «Манас»ты излейди ҳәм таўып алады.
Түркий тилдеги фольклорлардын авторы ҳәрқыйлы болғаны менен олардын дөретилиўинде, қаҳарманлары тәғдиринде тутаслық бар. Буның қандай нызамлылықлар тийкарында жалғасыўы бойынша илмий изертлеўлер соңғы жыллары тоқтап қалғандай.
Тап усы мезгилде Бекназар Ерназаровтың «Манас» дәстанын ана тилимизге аўдарды. Түркий халықлардың фольклорлық дәреклерине дыққатымызды аўдарғаны жүдә мақул болған. Бирақ, китаптың тек латын әлипбесинде шығарылғаны, ересек оқыўшыларды шеклейди екен, ҳариплеп, даўыслап оқып шығыўға туўра келди. Китаптың илимий қуны туўралы белгили илимпазлар С.Бахадырова, Ж.Хошниязовлар өз пикирлерин қырғыз-қарақалпақ фольклоры дереклерин салыстырыў арқалы изертлеп, оз пикирлерин билдирер деп ойлаймыз. Ата-бабалары бир болған адамлардың үрим-путақлары да татыўласыўы, руўхый байлықларынан теңнен татысыўы керек ғой.
Оразбай Әбдирахманов,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
халық жазыўшысы.
Ташкент. Дүрмен дөретиўшилик үйи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги