Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында ОСК баслығы Зайниддин Низомхўжаевтың қатнасыўында баспасөз әнжуманы өткерилди.

24октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтти.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы халықаралық нормалар ҳәм стандартларға сай миллий сайлаў нызамшылығымызға, онда белгиленген ашық-айдынлық,  еркинлик ҳәм әдиллик сыяқлы улыўма тән алынған демократиялық принциплерге толық сәйкес түрде, көтериңки руўхта өткерилди.

– Бүгин халықшыл ҳәм демократиялық принциплерге тийкарланған Жаңа Өзбекстан өтмиштеги ата-бабалардың тарийхый дәстүрлерин даўам еттирип, және де байытып, ҳәр тәреплеме раўажланып атырған заманагөй мәмлекет сыпатында пүткил дүньяның итибарын тартпақта. Президент сайлаўы Жаңа Өзбекстанда барлық тараўларда, соның ишинде, сиясий-ҳуқықый, социаллық, экономикалық, руўхый-ағартыўшылық бағдарларда  әмелге асырылып атырған избе-из ҳәм жедел реформалардың  үзликсиз даўамы болып есапланады, – деди ОСК баслығы  З.Низомхўжаев.

Соңғы бес жыл ишинде мәмлекетимиздиң миллий сайлаў нызамшылығында әҳмийетли өзгерислер жүз берди. Абырайлы халықаралық экспертлердиң атап өткениндей, Жаңа Өзбекстанда сайлаў нызамшылығын избе-из  жетилистириў ҳәм сайлаўларды өткериў әмелияты сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Бул гезектеги Президент сайлаўы биринши мәрте 2019-жылда қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында өтти.

Сайлаў нызамшылығына быйылғы жылдың 8-февраль ҳәм 31-май күнлери киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, бәринен бурын, сайлаў  процесиниң қатнасыўшылары, яғный сайлаўшылар, сиясий партиялар, сайлаў комиссиялары, ғалаба хабар қураллары және бақлаўшылардың ҳуқықлары менен кепилликлери сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы сайлаў процесслерин басқарыў  мәлимлеме системасы және де жетилистирилди.

Барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары өз жумысын Сайлаў кодекси талаплары және Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасы ҳәм Календарь режесине бола, нызамлылық, еркинлик, қалыслық, ашық-айдынлық принциплерине толық  әмел  еткен ҳалда шөлкемлестирди.

Сиясий партиялар ҳәм Президентликке талабанлар ушын сайлаў кампаниясы дәўиринде сайлаўалды үгит-нәсият жумыслары ушын тең ҳәм кең имканиятлар жаратылды. Сайлаў участкаларында пандемия шараятында халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, сайлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Президент сайлаўын абырайлы халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Европада Қәўипсизлик  ҳәм Бирге ислесиў Шөлкеминиң Парламент Ассамблеясы және Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша  бюросы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы ҳәм ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы, Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси, Түркий кеңес Парламентлик Ассамблеясы ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы жигирмаға шамалас халықаралық шөлкемлерден  ҳәм елиўге шамалас сырт мәмлекетлерден улыўма мыңға жақын халықаралық бақлаўшы және 1 мың 672 жергиликли ҳәм сырт мәмлекетлердиң ири ғалаба хабар қуралларының  ўәкиллери турақлы бақлап ҳәм сәўлелендирип барды.

Сондай-ақ, сайлаўда қатнасқан бес сиясий партиялардан ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан 64 мың 450 ўәкил сайлаўды тиккелей бақлап барды.

Биринши мәрте мәмлекетимиздиң район ҳәм қалаларындағы  207 сайлаў участкасына  орнатылған 414 видеокамера арқалы узатылған онлайн трансляцияны миллионлаған адамлар бақлап барды.

Сайлаўшылардың дизимине киргизилген 20 миллион 158 мың 907 сайлаўшыдан Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт еллерде даўыс берген ўатанласларымыз бенен бирге есаплағанда есапланғанда  16 миллион  212 мың  343 сайлаўшы қатнасты. Бул сайлаўшылардың  улыўма санының  80,4 процентинен ибарат болып есапланады. 421 мың 176 сайлаўшы быйылғы жыл  14 октябрьден  20-октябрьге шекем өткерилген мүддетинен бурын  даўыс бериў имканиятынан пайдаланды.

Сайлаўда консуллық дизимде турған турмағанлығына қарамастан сырт елде жасап атырған  барлық ўатанласлырымыз ушын 37 мәмлекетте шөлкемлестирилген 54 сайлаў участкасында даўыс бериў имканияты жаратылды. Алдынлары тек консуллық ўәкилханаларынан рәсмий дизимнен өткен Өзбекстан пуқаралары ғана сайлаўларда қатнасатуғын еди.

Дәслепки мағлыўматларға бола, Өзбекстан Республикасы Президентлигине сайлаў өткериўши сайлаў участкаларының  ҳәммесинде сайлаў бюллетеньлери санап шығылды.

Сиясий партиялар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанлар, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Баҳром Абдуҳалимов – 3,4 процент, Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Нарзулло Обломуродов – 4,1 процент, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан талабан  Алишер Қодиров – 5,5 процент, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан талабан Мақсуда  Ворисова – 6,6 процент, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Мирзиёев – 80,1 процент даўыс алды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине бола, даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбисиниң даўысын, яғный 50  проценттен аслам даўыс алған талабан Президент етип сайланған, деп есапланады.

Президентликке өткерилген сайлаў бойынша сайлаўға байланыслы нызамшылық  талаплары қопал түрде бузылғанлығы жағдайлары ҳаққында хабар ҳәм мағлыўматлар түспеди. Бирақ Орайлық сайлаў комиссиясына сайлаўшылар ҳәм социаллық тармақлардан сайлаўларды өткериў процесине байланыслы  жағдайлар бойынша белгили бир мүрәжатлар келип түсти.

Олардың барлығын нызамда көрсетилген мүддет ҳәм тәртиплерде көрип шығыў ҳәм шешиў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Орайлық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен усыныс етилген протоколлар және басқа да ҳүжжетлерди көрип шықпақта. Орайлық сайлаў комиссиясы тек соннан кейин  Президент сайлаўының жуўмақлары ҳаққында қарар қабыл етеди.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы