Ахборот-коммуникация технологиялари соҳаси ривожига бағишланди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 9-январь күни мәлимлеме-коммуникация технологияларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда Өзбекистан Республикасы Бас министри, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Бүгин елимизде мәлимлеме-коммуникация технологияларын мәмлекетлик басқарыўға, экономика тармақларына, социаллық тараўға ҳәм күнделикли турмысқа избе-из енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен жылы санлы телевидениеге қамтып алыў 88 проценттен 100 процентке жеткерилди. Мобиль байланыстан пайдаланыўшылардың саны 7 процентке артып, 22,8 миллионға жетти. 2017-жылы мәлимлеме технологиялары тараўында 7,7 триллион сумлық яки 2016-жылға салыстырғанда 26 процент көп хызмет көрсетилди. Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 260 миллион доллар өзлестирилди.

Мәжилисте ерисилген нәтийжелер айрықша атап өтилип, 2018-жылда ҳәм жақын келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпалар туўралы да сөз болды.

Президентимиз мәлимлеме технологиялары тараўында еле исленетуғын жумыслардың көп екенин, ерисилген нәтийжелер басқа мәмлекетлерге қарағанда анағурлым төмен көрсеткиште екенин атап өтти.

Мысал ушын, мәлимлеме технологиялары тараўының елдиң жалпы ишки өниминдеги үлеси Қубла Кореяда 9 процентти, Японияда 5,5 процентти, Қытай ҳәм Ҳиндстанда 4,7 процентти, Өзбекистанда тек ғана 2,2 процентти  қурайды. Буны мәлимлеме-коммуникация раўажланыў индекси рейтингиндеги 176 елдиң арасында Өзбекистан 95-орында екени де дәлиллейди.

Мәжилисте интернет тармағына жалғаныў көрсеткишин кеңейтиў ҳәм оның тезлигин арттырыў, бағдарламалық тәмийнат, телекоммуникация тараўында жетекши шет ел компаниялары менен байланыс орнатыў, «Электрон ҳүкимет» системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.

Интернеттен 20 миллион халық пайдаланады, деп есап бергенсиз. Бирақ, миллий интернет арқалы усыныс етилетуғын хызметлердиң шеңбери жүдә шекленгени себепли халықтьың көпшилик бөлеги интернеттен тек ғана «Телеграмм»да хат жазысыў ушын пайдаланады, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте ҒМДА мәмлекетлери бойынша интернеттиң орташа тезлиги бизлерден 10 мәрте жоқары екени атап өтилди. Байланыс операторлары алыс аймақларда, автомобиль ҳәм темир жолларға жақын аймақларда телекоммуникацияларды кеңейтиўге инвестиция киргизбей атырғаны атап өтилди. Жуўапкер адамларға интернеттиң баҳасын кескин арзанлатыў, тезлигин кеминде 4 есеге арттырыў, 2020-жылға шекем болса ҒМДА мәмлекетлери дәрежесине жеткериў илажларын көриў бойынша зәрүр тапсырмалар берилди.

Бүгин «Қәўипсиз қала» бирден-бир комплексин жаратыў бағдарламасына муўапық жойбар концепциясы ислеп шығылды. Оған бола, Ташкент қаласында 16 мыңнан аслам видеокамера орнатыў, Мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм Ситуация орайларын шөлкемлестириў белгиленген. Сондай-ақ, «Қәўипсиз туризм», «Қәўипсиз аймақ»,  «112» системасы,  жоқары билимлендириў мәкемелерине имтихан тапсырыў процесслерине видеобақлаў ҳәм жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўларын дизимге алыў системаларын енгизиў нәзерде тутылған.

Мәжилисте «Қәўипсиз аймақ» ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге көмеклесиў бойынша жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў илжлары додаланды.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-июндеги пәрманына тийкарланып шөлкемлестирилген «Мырза Улығбек инновациялық орайы»нда 140 тан аслам кәрханаға резидент статусы берилип, оларда ҳәзирги ўақытта 1000 нан аслам бағдарламашы қәниге ислемекте. Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме университетинде ең заманагөй технологиялар ҳәм билимлендириў методикалары кеңнен енгизилмекте.

2018-жылы халықаралық тәжирийбени, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының раўажланыў тенденцияларын инабатқа алған ҳалда, «2018-2021-жылларда «Электрон ҳүкимет» системасын буннан былай да раўажландырыў стратегиясы»н ислеп шығыў, «Мырза Улығбек инновациялық орайы» резидентлери тәрепинен көрсетилетуғын жумыслар менен хызметлердиң көлемин кеминде 2 есеге ҳәм экспорттың көлемин 1,8 есеге арттырыў, резидентлер ушын шет ел компаниялары менен бирге ислесиў ҳәм жаңа базарларға шығыўға көмеклесиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетин үш жыдың ишинде дүньядағы ең абыройлы 1000 университеттиң қатарына киргизиўди тәмийинлеў, тараўдың жетекши университетлери ҳәм компаниялары менен бирге ислесиўди беккемлеў, профессор-оқытыўшылардың ҳәм студентлердиң шет елде стажировкада болыўын ҳәм маманлығын арттырыўын кеңнен шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте бағдарламалық өнимлерди ислеп шығыў ҳәм ол ушын миллий кадрлар таярлаў жумыслары еле талап дәрежесинде емес екени атап өтилди. Жуўапкер адамларға дүньяның мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўындағы ири корпорациялары менен бәсекилесе алатуғын миллий операторларымыз бенен бағдарламашыларымыздың жумысын жетилистириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәжилисте «Өзбектелеком» компаниясының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, телекоммуникация тармақлары арқалы халықаралық телефон сөйлесиўин нызамсыз әмелге асырып атырған субъектлерге қаржылай жаза шараларын қолланыў, халықаралық тәжирийбе тийкарында почта системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығып және де раўажландырыў, мәлимлеме қәўипсизлиги концепциясын ислеп шығыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА