Усы жыл 18–20-июнь күнлери аралығында Әндижан ўәлаятында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша 2004-2005-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Оған республикамыздың барлық ўәлаятларынан 300ге шамалас спортшылар қатнасты.
Чемпионатқа жерлеслеримиз де табыслы қатнасып, жоқары нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, ер балалар арасында 50 кг салмақта Ө.Хожахметов екинши, 85 кг салмақта А.Атабаев үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасында 48 кг салмақта А.Алламбергенова ҳәм 63 кг салмақта С.Шаженовалар биринши, 70 кг салмақта Л.Төлепбергенова екинши, 44 кг салмақта С.Муратбаева, 70 кг салмақта А.Абдимуратова ҳәм +70 кг салмақта М.Ережеповалар үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, Ләззат Төлепбергенова, Албина Алламбергенова ҳәм Севара Шаженовалар усы жыл сентябрь айында Россия Федерациясында өткерилетуғын Жәҳән чемпионатына жоллама алды.
Спортшыларды жарысқа тренерлерден Қ.Сариев, Б.Садуақасов, А.Сариев, Д.Сейтов ҳәм Ш.Сариевлер таярлады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы