Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлардың избе-излигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң ең кем пенсия ҳәм напақа муғдарларын қайта көрип шығыў бойынша усынысларды есапқа алып, 2021-жылдың 1-июлинен баслап:

а) белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарында ҳәм оннан кем пенсия алыўшы шахсларға пенсияны есаплаў базалық муғдарының 20 проценти муғдарында қосымша төлем (кейинги орынларда – қосымша төлем) енгизилсин.

Онда жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда 256 675 сумнан 400 000 сумға арттырылады;

б) белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан 565 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы ҳәм майыплығы бойынша пенсияларының муғдары 565 000 сумға жеткерилсин;

в) зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа муғдары 315 030 сумнан 400 000 сумға жеткерилсин;

г) бағыўшысын жойытқан;

пенсия алыўшылардың ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын қосымша төлем енгизилсин;

пенсия алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары 256 675 сумнан 400 000 сумға арттырылсын ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленсин;

напақа алыўшы шаңарақлардың барлық ағзаларын камтып алыў мақсетинде олардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары 400 000  сум ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын 150 000 сумнан косылатуғыны белгиленсин;

д) балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа айына 513 350 сумнан 565 000 сумға арттырылсын.

  1. Қаржы министрлиги усы Пәрманда белгиленген илажларға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды бюджеттен тысқары Пенсия қорының қалдық қаржылары ҳәм республикалық бюджет есабынан ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Қаржы министрлиги менен биргеликте усы Пәрманның мақсети ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлеў усыныс етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 4-июнь.