Ҳәзирги ўақытта республикамызда 2021-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзлик бийдайды орып-жыйнап алыўға қызғын таярлық көрилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы районларында быйылғы жылдың зүрәәти ушын 53 мың гектар майданға гүзлик масақлы дән егинлери егилип, бул майданлардан 229 мың тоннаға шамалас өним жетистириў режелестирилмекте.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-майдағы «2021-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзлик масақлы дән зүрәәтин өз ўақтында ҳәм сапалы орып-жыйнап алыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 17-майдағы 162-санлы қарарларына муўапық, ғәлле жетистириўши хожалықлар менен аймақлық дән кәрханаларымыз арасында 90 мың 100 тонна, соннан, 76 мың 850 тонна товарлық және 13 мың 250 тонна туқымлық дән жеткерип бериў бойынша контрактация шәртнамалары дүзилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң бөлим баслығы      Р.Бекниязов. – Сондай-ақ, усы қарарға тийкарланып, ғәлле майданларын қысқа муддетлерде зая етпей сапалы орып алыў мақсетинде 207 дән орыў комбайнлары бириктирилди ҳәм усы комбайнларға айрықша орым отрядлары шөлкемлестирилди.

Бул отрядларға, 1035 дән тасыў техникалары (соннан, 621 жүк автомобильлери ҳәм 414 транспорт тракторлары), 207 жанылғы тасыўшы агрегатлар, 1213 жуўапкер мәкемелер ҳәм ҳәр бир отрядқа 207 көшпели устаханалар бириктирилди

Буннан тысқары, аймақлық дән кәрхәналарымыз бенен оларға қараслы 20 дән қабыллаў шақапшаларының материаллық-техникалық базалары мәўсимге таяр ҳалға келтирилди.

(Соннан, 22 лаборотория, 5 туқымлық цех, 3 авто жүклегиш, 27  автобомиль ҳәм вагон тәрезилери, 9 дән тазалаў машинасы, 27,7 кв.м асфальтлар, 50,5 мың тонна сыйымдағы бастырмалар, 213 мың тонна көлемдеги дән сақлаў сыйымлары мәўсимге толық таяр ҳалға келтирилди).

Республикамыз районларында 2021-жылдың зүрәәти ушын егилген ғәллени зая етпей қысқа мүддетлерде шөлкемлескенлик пенен алып барыўдың барлық илажларын көремиз.

 

Мунаввар Қасимова,

Азада Қыдырбаева,

ҚМУ Журналистика бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги