Нөкис қаласында Бирлескен Араб Әмирликлери қайырқомлық қорының грант қаржылары есабынан заманагөй ана ҳәм бала емлеўханасы қурылады.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде видеоконференция түринде Өзбекстан Республикасында социаллық жойбарларды әмелге асырыўға БАӘ Халифа Бин Зоид Ол Нахаён атындағы қайырқомлық қорының техникалық жәрдемин тартыў бойынша Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында Бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қол қойылды.

Өзбекстан тәрепинен келисимге инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Ш.Вафоев ҳәм БАӘ тәрепинен қаржы министриниң орынбасары Юнис Ҳожи Ал-Хурий қол қойды.

Жойбардың улыўма баҳасы 27 миллион долларды қурайды ҳәм қаржыландырыў толық Халифа Бин Зоид Ол Нахаён қорының грант қаржылары есабынан әмелге асырылады.

100 наўқасқа мөлшерленген дизайн ҳәм техникалық тәреплери бойынша аймақта бирден-бир болған жаңа емлеўхана туўыў алды ҳәм туўыў бөлимлери, аналар ҳәм жаңа туўылған нәрестелер ушын палаталар, хирургия, амбулотория ҳәм мәсләҳәт диагностика бөлимлери ҳәм лабораторияларға ийе болады.

Ҳәзирги ўақытта объектте қурылыс жумыслары басланған. 2022-жылдың ақырына шекем оның толық қурып питкерилиўи күтилмекте. Ең заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген жаңа медицина орны Аралбойы регионы халқына көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасының сезилерли дәрежеде жақсыланыўына имканият береди.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги саўда-экономикалық,  инвестициялық, социаллық-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкимет ҳәм жеке меншик шөлкемлери және инвестициялық қорлары менен еки тәреплеме бирге ислесиўди диверсификациялаў ҳәм тереңлестириўди даўам еттирмекте.

 

ӨзА