Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ЕҚБШ ДИИҲБ)ның директоры Маттео Мекаччи басшылығындағы делегация 29-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев пенен ушырасты.

Ушырасыўда кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм өз-ара сөйлесиў жаңа сапа дәрежесине көтерилгени атап өтилди. Мийманларға халықаралық стандартлар ҳәм ең заманагөй сырт ел тәжирийбеси тийкарында Өзбекстанда сайлаў ҳаққындағы миллий нызамшылықты жетилистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

М.Мекаччи Өзбекстандағы демократиялық реформаларға жоқары баҳа берип, өз-ара байланысларды буннан былай да раўажландырыўға таяр екенлигин мәлим етти.

Ол быйыл октябрь айында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм өткериў процесинде ЕҚБШ ДИИҲБ өз-ара бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

М.Мекаччи сайлаў процеси демократиялық принциплер ҳәм стандартларға муўапық өтиўи ушын Өзбекстанда сайлаў системасын буннан былай да жетилистириў мәселелерине берилип атырған итибарды жоқары баҳалады.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер өз-ара қатнасықларды буннан былай да тереңлестириўге байланыслы мәселелер бойынша пикир алысты.

– Кейинги жылларда Өзбекстанда ҳуқықый мәмлекет қурыў, демократиялық институтларды жетилистириў, соның ишинде, сайлаўларды өткериў бойынша ҳуқықый тийкарды және де беккемлеў бағдарында қатаң илажлар әмелге асырылмақта, – деди Содиқ Сафоев. – Бул процессте халықаралық сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў әҳмийетли роль атқарады. ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының мәмлекетимизде сайлаў системасын раўажландырыўға қосып атырған үлеси усы тәрепи менен әҳмийетли болып есапланады.

– Шөлкемимиз көп жыллардан берли Өзбекстан менен тығыз бирге ислесип киятыр. Биз өткен жыллар даўамында бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, Орайлық сайлаў комиссиясы, қалаберди, пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўди орнаттық. Инсан ҳуқықлары, демократиялық принциплерди алға қойыўда оларға жәрдем берип, қоллап-қуўатлап киятырмыз. Келешекте де усы бағдардағы жумысларды даўам еттиретуғынымыз сөзсиз.

ЕҚБШ ДИИҲБ делегациясы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы К.Комилов пенен де ушырасты.

Мийманларға мәмлекетимиз суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы нызамшылық тийкарларын беккемлеў, суд системасының структурасын туп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў, судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, бул бағдардағы реформалардың тийкарғы мақсети суд ҳәкимиятының еркинлигин, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери исенимли қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўға ерисиўден ибарат.

Сөйлесиў ўақтында делегация ағзаларына мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы келетуғын ҳәрекетлери үстинен судқа арза бериў бағдарындағы конституциялық ҳуқықты тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы судта ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў ағзасы, аймақларда ҳәкимшилик судлардың шөлкемлестирилгени ҳаққында айтып берилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм ЕҚБШ арасында кең көлемли бирге ислесиў қатнасықларының орнатылғаны атап өтилди. Бул бирге ислесиў келешекте де жақсы нәтийжелерди беретуғынына исеним билдирилди.

Сол күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидовтың Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Маттео Мекаччи менен ушырасыўы болып өтти.

А.Саидов парламент, комитетлердиң жумысына тоқтап өтип, нызамларды қабыл етиў ҳәм қадағалаўын алып барыўда инсан ҳуқықлары менен мәплерине тийкарғы әҳмийет қарататуғынын айрықша атап өтти. Әсиресе, сайлаўлар, ҳүкиметлик емес шөлкемлер, гендер теңлик ҳаққындағы нызамларды қабыл етиўде адамгершилик өлшемлерине сүйенетуғынын айрықша атап өтти.

Ушырасыўда Нызамшылық палатасының ЕҚБШ ДИИҲБ менен бирге ислесиўи шеңбериндеги жумыслардың әҳмийетли тәреплери ҳаққында пикир алысылды.

 

С.РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы