Ташкентте 29-апрель күни ҒМДАға ағза мәмлекетлер Жаслар ислери бойынша кеңесиниң 28-мәжилиси болып өтти.

Мәжилис коронавирус пандемиясы себепли ҳәзирги жағдайдан келип шығып, аралықтан ҳәм жанлы тәризде шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан, Әзербайжан, Беларусь, Армения, Қазақстан, Қырғызстан, Молдова, Россия, Тәжикстанның жаслар менен ислесиў бойынша шөлкемлериниң ўәкиллери, белсенди ҳәм интакер жигит-қызлар, студентлер қатнасты.

Өзбекстан ҒМДАға ағза мәмлекетлер Жаслар ислери бойынша кеңесиниң мәжилисине биринши рет басшылық етип атырғанын атап өтиў керек.

Мәжилисте жаслар ислерине байланыслы 12 мәселе додаланды. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында алға қойған БМШтың жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының жойбары бойынша пикир алысты. Сондай-ақ, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының 30 жыллығы ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлер Жаслар ислери бойынша кеңесиниң 15 жыллығына бағышланған презентация көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң Гуманитарлық бирге ислесиў, улыўма сиясий ҳәм социаллық машқалалар департаментиниң директоры Алексей Сазонов мәресимди ашып берди.

Соның ишинде, Акмал Саидов Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат шеңберинде үлкен реформалардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Мәселен, мәмлекетимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған 150 нормативлик ҳүжжет қабыл етилген. Жаслар өз билим ҳәм потенциалын әмелге асырыўы ушын зәрүр институтционаллық тийкарлар жаратылған. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Жаслар ислери агентлиги жумыс алып бармақта, буннан тысқары, ҳәр жылы 30-июнь – Жаслар күни сыпатында кеңнен белгиленбекте.

Мәжилисте ҒМДАны буннан былай да раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша тийкарғы илажлар режесиниң орынланыўы да көрип шығылды. Ағза мәмлекетлердиң 2021-2030-жылларға мөлшерленген халықаралық жаслар стратегиясын орынлаў бойынша 2021-2022-жылларға байланыслы илажлар режеси ҳәм 2021-2023-жылларға мөлшерленген волонтёрлик ҳәрекетти раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў, «ҒМДА ушын 100 идея» жойбарының финал басқышына таярлық көриў мәселелери додаланды.

– Бүгинги мәжилис күн тәртиби мәденият ҳәм дәстүрлерге өз-ара ҳүрмет етиў сыяқлы ең әҳмийетли қәдириятларды өз ишине алады. ҒМДАға ағза мәмлекетлерде жаслардың турмысына байланыслы кеңнен тарқалған жойбарлар, бағдарламалар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди додалаў арқалы биз келешектеги ҳәрекетлердиң режеси ҳәм көлемин қәлиплестиремиз. Бундай ушырасыўлар жаслар ушын жаңа, нәтийжели ҳәм дөретиўшилик идеяларды ислеп шығыўға хызмет етеди, – деди Беларусь жаслар аўқамының баслығы, республикалық Миллия ассамблея кеңесиниң ағзасы Дмитрий Баранюк.

Илаж соңында қатнасыўшылар тәрепинен Кеңестиң гезектеги мәжилисин өткериў мәселеси де көрип шығылды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.Мусаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Г.АБДУЛЛАЕВА,

Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршылары