Германияның «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компаниясы тәрепинен «Орайлық Азияда зорлық экстремизминиң алдын алыў» жойбары бойынша «Биз бир үйде жасаймыз. Режеден әмелиятқа шекем» атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Семинар-тренингте Нөкис қаласында жасайтуғын жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, мийнет мигрантлары, судланғанлар ҳәм басқа да қатнасыўшыларға турмыстағы ҳәр қыйлы жа­­­ғдайлар бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға психолог тәрепинен мәсләҳәтлер берилип, пикир-усыныслары тыңланды. Тренингтиң әмелий бөлиминде исбилерменликти баслаў туўралы қаладағы «Jipek joli» мийманханасы мысалында мийманхана директоры А.Таубалдиева тәрепинен түсиниклер берилди.

  • Жәмийеттен өз орнын таба алмаған инсанларға психологиялық, материаллық ҳәм ҳуқықый жақтан жәрдем берилсе, олардың өмирге болған көз-қарасы өзгерип, алдына дурыс мақсет қояды ҳәм соны әмелге асырыў ушын ҳәрекет етеди. Германия федерал Сыртқы ислер министрлигиниң буйыртпасы бойынша ҳәм қаржыландырыўы тийкарында «Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit (GIZ) GmbH» компаниясы тәрепинен Қазақстан ҳәм Өзбекстан Республикаларында әмелге асырылып атырған бул жойбарда әне усындай жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар менен шуғылланыў мақсет етилген,-дейди «Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Н.Абдуллаева.

Тренингте ҳаял-қызлар ушын аспазлық ҳәм гөззаллық сырлары бойынша мастер-класслар өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги