1921-жылдыӊ 11-июни күни Қараөзек районыныӊ Ахунбабаев колхозында туўылған Жуман Қарақулов аўыллық мектепте баслаўыш тәлим алғаннан соӊ пахташылықта жумыс ислейди. Соӊынан муғаллимлер таярлаў курсын тамамлап, мектепте муғаллим болып жас әўладқа тәлим береди.

1942-жылдыӊ февраль айында әскерий хызметке шақырылған ол,  83-таўлы атқышлар Түркистан дивизиясы қурамында Арқа Кавказ, Кубань ҳәм Қырымды душпанлардан азат етиўде қатнасады.

Әсиресе, Жуман Қарақуловтыӊ 1944-жылдыӊ 14-январь күни  Керчен ярым атаўын азат етиўдеги қаҳарманлығы, атап айтқанда, бир өзи душпанлар траншеясына басып кирип, 5 фашистти жоқ етиўи нәтийжесинде  3-дәрежели Даӊқ ордени менен сыйлықланағанын айтып өтиўимиз лазым.

Буннан соӊ да саўаш майданында көплеген ерликлер ислеген жерлесимиз Жуман Қарақулов 1944-жылдыӊ октябрь айында Карпат-Дуклин операциясыныӊ табыслы әмелге асыўына өзиниӊ салмақлы үлесин қосады.

Атап айтқанда, ҳәзирги Словакия аймағындағы Звала елатлы пунктиниӊ 762 бийиклигин ийелеў ушын болған саўашта Жуман Қарақулов қуралласы Романовский пенен биргеликте душпан әскерлериниӊ ҳүжимлерин мәртлерше жеӊип шығып, фашистлердиӊ траншеясына басып киреди ҳәм екеўи үш саат даўамында бул позицияны услап турады. Бирақ, күшлер теӊ емес еди ҳәм сонлықтан олар бул траншеяны таслап кетиўге мәжбүр болады.

Ал, келеси күни болса, 2-батальон полкы ҳәм автоматшылар ротасы және тағы да душпанға қарсы ҳүжимге өтип, Жуман Қарақулов траншеяны және бир мәрте басып алыўға миясар болады ҳәм бир неше саат услап турыўға ериседи. Соӊынан ол өз қуралласларыныӊ душпан дзоты тәрепинен үзликсиз оқ тутыўы нәтийжесинде, ҳүжимге өтиўи тоқтап қалғанлығын көрип, бул душпанды жоқ етиў мақсетинде сол тәрепке қарай жол алады ҳәм қолындағы гранатасы менен тынымсыз оқ жаўдырып турған дзоттағы душпан пулемётына өзиниӊ көксин қалқан етип бойын таслайды. Жуман Қарақуловтыӊ көрсеткен бул ерлигиниӊ нәтийжесинде душпан пулемёты жоқ етилип, Ўатанымыз армиясы алға қарай илгерлеўге миясар болады.

СССР Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 1945-жыл 24-марттағы Пәрманы менен бизлердиӊ мәрт ҳәм ержүрек жерлесимиз Жуман Қарақулов өлиминен соӊ, «Алтын жулдыз» медалы ҳәм Советлер Аўқамыныӊ Қаҳарманы атағы менен сыйлықланады.

Жуман Қарақулов Карпат таўларындағы Звала аймағында мәӊгилик уйқыда жатыр.

 

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги