Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының 2020-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабы додаланды.
Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары тәрепинен коронавирус пандемиясы шараятында халықты, соның ишинде, мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды социаллық жақтан қорғаў, экономика тармақларының турақлылығын сақлаўға байланыслы нызамлардың орынланыўы үстинен тәсиршен қадағалаў орнатыў, ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў мәселелерине қаратылған анық жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.
Бас прокурордың орынбасары Эркин Йўлдошевтиң мағлыўматларына бола, 2020-жыл пандемия шараятында прокуратура уйымларының жумысын дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Атап айтқанда, прокуратураға жүкленген халықтың азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дәрмаққа болған талабын үзликсиз тәмийинлеў, баҳаның турақлылығын сақлаў мақсетинде системалы илажлар көрилди. Соның ишинде, барлық дийқан базарлардың жанында арнаўлы саўда жаймалары ҳәм ярмаркалары, шетки ҳәм алыс аймақлардың көшпели саўда ноқатлары шөлкемлестирилди. Оларда дерлик 21 мың тонна гөш, 194 мың тонна аўыл хожалығы өнимлери ҳәм 20 мың тонна басқа да азық-аўқат өнимлери халыққа ислеп шығарыўшының баҳасында арзан сатылды.
Баҳаларды тийкарсыз көтериўге байланыслы жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажларда 2 мың 595 жағдайда 6,5 миллиард сум муғдарында өнимлерди қымбат сатыў жағдайы сапластырылды. Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлардың нызамсыз саўдасына байланыслы жағдайлар бойынша 23 жынаят иси қозғатылды. 3,7 миллиард сум муғдарында сапасыз ҳәм қәлбеки дәри-дәрмақлардың саўдаға шығарылыўының алды алынды. Соның менен бирге азық-аўқат өнимлерин резервке жыйнаў бойынша басқа да уйымлар менен биргеликте системалы илажлар көрилип, 847 мың тонна өнимлердиң резервке топланыўы тәмийинленди.
Прокурор секторларында белгиленген ўазыйпаларды толық ҳәм сапалы орынлаў илажлары көрилмекте. Соның ишинде, прокурорлардың секторларда жасайтуғын мүтәж шаңарақларға 8,5 миллиард сум муғдарында азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақлар, 13,6 миллиард сум муғдарында қарамал, 7,3 миллиард сум қаржы берилиўи тәмийинленди. 3 мыңнан аслам шаңараққа ықшам ыссыханалар қурыўда жәрдем көрсетилди.
Шығып сөйлегенлердиң пикирине бола, прокуратура уйымлары жумысларының айырым бағдарларында қадағалаўды буннан былай да күшейтиў кереклиги мақсетке муўапық.
Соның ишинде, мәмлекетимизде репродуктивлик саламатлықты, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўдеги кемшиликлер ақыбетинде өткен жылға салыстырғанда нәрестелердиң өлими 428 ге, аналардың өлими 10 ға артқан. Аўыр финанслық жағдайға түскен исбилерменлик субъектлерди қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы жетерли дәрежеде тәмийинленбеген. Айырым прокурорлар сектор басшысы сыпатында заманагөй жумыс усылларына елеге шекем таяр емес екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды ертеден анықлаў, оларды келтирип шығарып атырған себеплер менен факторларды сапластырыў бойынша кемшиликлердиң сапластырылмағаны ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша кемшиликлердиң бар екенлиги де атап өтилди.
Сенатор Фармон Тошев усы күнлерде интернет басылымлары ҳәм социаллық тармақларда тарқалған Ангрен МОБтың баслығы менен болған жағдай ҳәм МОБтың Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери атынан Бас прокурорға шағым жолланғаны бойынша түсиник сорады.
Бас прокурордың орынбасары Эркин Йўлдошевтиң атап өтиўинше, бул жағдайлар, Мәжбүрий орынлаў бюросына байланыслы болған процесслердеги кемшиликлер бирден көзге тасланбай атыр ҳәм бул прокуратураның имиджине, халық пенен мәмлекет арасындағы қатнасықларға да тәсир көрсетпекте. Бул бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атыр.
МОБ баслығының орынбасары Шавкат Ҳайдаров Қарақалпақстандағы жағдай бойынша комплексли топардың жиберилгенин мәлим етти. Ол жерде оғада көп мәселелердиң сәўлелендирилгенин есапқа алған ҳалда Бас прокуратура ҳәм бюроның басшылары тәрепинен комплексли үйрениў алып барылатуғынын айтты. Тек ғана социаллық тармақта тарқалған мәселеге емес, ал пүткил басшылардың жумысына баҳа бериў, орынлаў тәртиби, жумысларды шөлкемлестириў бойынша да тапсырма берилген.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы