2018-жылдан берли Өзбекстан Республикасы бойлап математика пәни бойынша «Kengaroo» халықаралық олимпиадасы өткерилип келинбекте.
Усы халықаралық олимпиадаға Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 12 оқыўшысы онлайн тәризде қатнасты.
-«Кенгуру» – мектеп оқыўшыларының математика бойынша жер жүзиндеги кеңнен ен жайған ең белгили олимпиадаларының бири есапланады. Мектебимизде 452 оқыўшыға 43 жоқары категориялы муғаллимлер тәлим-тәрбия бермекте, – дейди 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Бекполат Тилепбаев. Мектебимизде «Жас математиклер» ҳәм «Алгоритм» дөгереклери болып, онда 5 муғаллим математика пәни бойынша оқыўшыларға билим бермекте.
Халықаралық олимпиадаға белсене қатнасқан 12 оқыўшыға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы