2018-жылдан берли Өзбекстан Республикасы бойлап математика пәни бойынша «Kengaroo»  халықаралық олимпиадасы өткерилип келинбекте.

Усы халықаралық олимпиадаға Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 12 оқыўшысы онлайн тәризде қатнасты.

-«Кенгуру» – мектеп оқыўшыларының  математика бойынша жер жүзиндеги кеңнен ен жайған ең белгили олимпиадаларының бири есапланады. Мектебимизде 452 оқыўшыға  43 жоқары категориялы муғаллимлер тәлим-тәрбия бермекте, – дейди 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Бекполат Тилепбаев.  Мектебимизде «Жас математиклер» ҳәм «Алгоритм» дөгереклери болып, онда 5 муғаллим математика пәни бойынша оқыўшыларға билим бермекте.

Халықаралық олимпиадаға белсене қатнасқан 12 оқыўшыға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы