7-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекет басшылары көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, исеним ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлардың жағдайын ҳәм оларды буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалады.

Коронавирус тарқалыўы ақыбетлерин тез пурсатта жеңип өтиў мақсетинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери дәрежесинде тығыз муўапықласыў ҳәм жедел алмасыўлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көрсеткишлерин арттырыўға қаратылған қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў, исбелерменлер ҳәм аймақлардың жаңа басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы кооперацияны кеңейтиў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық илажлар өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Региондағы ўақыялардың раўажланыўы бойынша да пикир алысылды. Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери Қырғызстандағы жағдай усы мәмлекет Конституциясы ҳәм миллий нызамшылығы нормаларына муўапық тез пурсатта турақласатуғынына үмит билдирди.

 

ӨзА