Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

 

Мүбәрек Рамазан ҳайытының руўхый турмысымыздағы уллы пазыйлетлерди, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик сыяқлы жақсы қәдриятларды беккемлеў бағдарындағы орнын ҳәм әҳмийетин итибарға алып, миллий-диний дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў және улығлаў мақсетинде ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ораза ҳайытын дем алыс күни деп жәриялаў ҳаққында»ғы 1992-жыл 27-марттағы ПП-368-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Өзбекистан мусылманлары мәкемесиниң 2017-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 26-июнь дүйшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, 2017-жыл 26-июнь дем алыс күни деп белгиленсин ҳәм елимизде байрам сыпатында кең түрде өткерилсин.
  2. Республикалық «Нураный», «Мәҳәлле» қорлары ҳәм басқа да жуўапкер ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер Рамазан ҳайытын орынларда халқымыздың миллий үрп-әдетлерине сай тәризде, тәртипли ҳәм жоқары дәрежеде өткериў ушын зәрүр илажларды әмелге асырсын.
  3. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигине ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.

 

   Өзбекистан Республикасы Президенти                   Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 20-июнь