Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Мүбәрек Рамазан ҳайытының руўхый турмысымыздағы уллы пазыйлетлерди, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик сыяқлы жақсы қәдриятларды беккемлеў бағдарындағы орнын ҳәм әҳмийетин итибарға алып, миллий-диний дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў және улығлаў мақсетинде ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Ораза ҳайытын дем алыс күни деп жәриялаў ҳаққында»ғы 1992-жыл 27-марттағы ПП-368-санлы Пәрманына муўапық:
- Өзбекистан мусылманлары мәкемесиниң 2017-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 26-июнь дүйшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, 2017-жыл 26-июнь дем алыс күни деп белгиленсин ҳәм елимизде байрам сыпатында кең түрде өткерилсин.
- Республикалық «Нураный», «Мәҳәлле» қорлары ҳәм басқа да жуўапкер ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер Рамазан ҳайытын орынларда халқымыздың миллий үрп-әдетлерине сай тәризде, тәртипли ҳәм жоқары дәрежеде өткериў ушын зәрүр илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигине ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 20-июнь