Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеӊеси шеӊберинде ашық сөйлесиў ҳәм шерикликти кеӊейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

261

3-май күни Көксарай резиденциясында Өзбекстани Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеӊесиниӊ екинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев басшылық етип атырған илажда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо, “Masdar”, “Indorama”, “ACWA Power”, “Air Products”, “Çalik”, “Suez”, “Orascom”, “Çengiz”, “Aksa”, “HP“, “Linde”, “Procter&Gamble”, “Visa”, “CAMCE”, “John Deere”, “Huawei”, “Airbus”, “Orano”, “Сommerzbank”, “Total”, “PASHA Holding” сыяқлы жетекши компания ҳәм банклердиӊ басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтлары – Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми, Жәҳән банки, Халықаралық қаржы корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм Халықаралық ислам саўда-қаржы корпорациясыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Кеӊестиӊ тийкарғы ўазыйпалары нәтийжели тәжирийбе ҳәм халықаралық әмелияттан келип шығып, мәмлекетимизди инвестициялық, саўда-технологиялық ҳәм инновациялық раўажландырыўдыӊ еӊ әҳмийетли бағдарлары бойынша мәсләҳәт бериў ҳәм Өзбекстан ҳүкимети менен сырт ел инвесторлары арасында ашық байланысты тәмийинлеўден ибарат. 2022-жылы болып өткен биринши сессияда бул механизмниӊ нәтийжели жумыс алып барыўы ушын тийкар жаратылған еди.

Гезектеги мәжилисти ашып, мәмлекетимиз басшысы күни кеше өткен үшинши Ташкент инвестиция форумыныӊ табыслы нәтийжелерин атап өтти ҳәм кеӊес ағзаларына Жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға қосып атырған үлеси ушын миннетдаршылық билдирилди.

Бүгинги күни дүнья экономикасында турақсызлық барған сайын күшейип, энергетика, азық-аўқат тараўлары ҳәм экологиялық системада кризислер қыйын жағдайға түсип қалып атырғаны атап өтилди.

–Бундай қурамалы шараятта сизлер менен мәсләҳәтлесип, өз ара кеӊесип, анық әмелий қәдемлер тасласақ, гөзленген жоқары шеклеримизге әлбетте ерисемиз, –  деди Президент.

Мәмлекетимизде қолайлы инвестиция ҳәм бизнес орталығын жетилистириўге қаратылған инвестициялар ҳәм арнаўлы еркин зоналар ҳаққындағы нызам жойбарларын ислеп шығыўға үлес қосқан жумысшы топар жумысы айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми топары тәрепинен басланып атырған инвестициялық сиясатты таллаў оғада әҳмийетли екени, бул жойбар мәмлекетимиздеги инвестиция орталығын және де жақсылаў бағдарында тийкарғы бағдарларды белгилеп алыўға ҳәм нәтийжели механизмлерди жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ҳүкимет ҳәм инвесторлар арасында ашық ҳәм нәтийжели қарым-қатнастыӊ жолға қойылғаны турақлы экономикалық раўажланыўдыӊ тийкарғы гилти екенин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы турақлы бағдарлар бойынша жумысшы топарларды шөлкемлестириўди усыныс етти ҳәм кеӊестиӊ келешектеги жумысыныӊ әҳмийетли  бағдарларын кеөрсетип өтти.

Бириншиден, капитал базарды раўажландырыў. Бул бағдарда сырт ел инвесторларыныӊ талапларына толық жуўап беретуғын халықаралық қаржы орайын раўажландырыў ушын ишки ҳәм сыртқы капиталды кеӊнен тартыўға итибар қаратыў усыныс етилди.

Екиншиден, жуўапкершиликли бизнес алып барыў. Бул бағдарда экономиканыӊ турақлылығы, ашық-айдынлығы ҳәм ашықлығын тәмийинлеўге қаратылған Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиӊ тийисли принциплерин кеӊнен енгизиў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Үшиншиден, турақлы инвестицияларды хошаметлеў. Онда стартап, инновациялық жойбарлар, биргеликтеги инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде “Венчур инвестициялары ҳаққында”ғы жаӊа нызам ислеп шығылады.

Төртиншиден, инвесторлар менен ислесиў системасын санластырыў.

– Сырт ел инвесторлары менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы барлық хызметлерди әмелге асырыў ушын қурамалы электрон платформаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа кеӊнен енгизиў ўақты келди, деп ойлайман. Бул инвесторларды қыйнап атырған комплексли машқалаларды өз ўақтында ҳәм системалы шешиўге имканият береди, – деди Президент.

Кеӊес ағзаларыныӊ қоллап-қуўатлаўы арқалы Өзбекстан жедел өсиў пәтлерин көрсетиўде даўам  ететуғынына, халқымыздыӊ турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм мәмлекетмиздиӊ абадан келешегин тәмийинлеўине исеним билдирилди.

Сөзге шыққанлар Жаӊа Өзбекстандағы кеӊ көлемли реформалар бағдарламасын жоқары баҳалады. Мәмлекетимиз басшысына инвестиция жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди даўам еттириўге исенимли умытылысы ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәжилис жуўмағында Президентимиз қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген барлық баслама ҳәм усыныслар толық инабатқа алынатуғынын атап өтти. Ҳүкиметке барлық усынысларды толық көрип шығыў ҳәм олардыӊ әмелге асырылыўын  қадағалаўға алыў тапсырылды.

Киргизилген ҳәр бир усыныс, айтылған ҳәр бир жойбар бойынша өз алдына “жол картасы”н қабыл етиўге көрсетпе берилди.

ӨзА