USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 26 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

КОРОНАВИРУС ПАНДЕМИЯСЫ ЎАҚТЫНДА СОЦИАЛЛЫҚ ҚОРҒАЎҒА ҲӘМ ЖӘРДЕМГЕ МҮТӘЖ ХАЛЫҚ ҚАТЛАМЛАРЫН МАТЕРИАЛЛЫҚ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў ўақтында халықты социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды ҳәм халқымыздың тарийхый ҳәм мәнаўий қәдириятларын көрсетип атырған «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық хәрекетин буннан былай да күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жуўапкер уйымлар тәрепинен қәлиплестирилген материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимлерине («темир дәптер») киргизилген ҳәм ағзалары 1,7 миллионнан аслам болған 400 мыңнан көбирек шаңарақларға Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилсин.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк бир мәртелик материаллық жәрдем пулларының материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимлерине киргизилген шаңарақларға 2020-жыл 15-августқа шекем жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. 2020-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар, балалықтан майыплығы болған шахсларға, зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалардың муғдары 1,1 есеге артырылсын.

2020-жыл 1-сентябрьден баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 262 470 сум;

жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 513 350 сум;

балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа – айына 513 350 сум;

зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 315 030 сум етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Мәҳәлле  ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте 2020-жылдың ақырына шекем:

14 жасқа шекемги балалары болған зәрүрликтен напақа алатуғын шаңарақлардың әмелдеги санын 2 есеге арттырып 700 мыңға шекем жеткериўди;

бала 2 жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа алатуғын жәрдемге мүтәж аналардың әмелдеги санын 330 мыңнан 400 мыңға шекем арттырыў;

материаллық жәрдем алатуғын кем тәмийинленген шаңарақлардың әмелдеги санын 89 мыңнан 100 мыңға шекем жеткериўди тәмийинлесин.

  1. Төлеў мүддетти 2020-жылдың июль-сентябрь айларында тамамланатуғын балалары болған шаңарақларға ҳәм бала тәрбиясы менен шуғылланатуғын аналарға напақа төлеў гезектеги 6 ай мүддетке (бала 2 жас ҳәм 14 жастан аспаған жағдайда) даўам еттирилсин.
  2. Коронавирус пандемиясы ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде және Қурбан ҳайыт байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен:

материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимине («темир дәптер») киргизилген шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў ушын «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорының аймақлық бөлимлерине 200 миллиард сум;

тез медициналық жәрдем бригадалары хызметкерлерине (врач, фельдшер, санитар ҳәм айдаўшылар) бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў ушын 100 миллиард сум қаржы ажыратылсын.

  1. Жәмийетимизде тынышлық, дослық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлап атырған диний тараўда хызмет етип атырған ўәкиллерди материаллық хошаметлеў және орынларда қайыр-сақаўат, мүриўбет бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық руўхындағы кең көлемли илажларды жаңа басқышқа көтериў ушын Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фондына 150 миллиард сум қаржы ажыратылсын.
  2. Усы Пәрманның 1,5 ҳәм 6-бәнтлеринде нәзерде тутылған қаржылардың жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларға, тез медициналық жәрдем бригадалары хызметкерлерине мақсетли ҳәм мәнзилли жеткерилиўи бойынша төмендегилер жуўапкер етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқаров, жуўапкер министрлик, уйым ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары – материаллық жәрдем, пенсия ҳәм напақа пулларын толық ҳәм өз ўақтында ажыратыў ҳәм орынларға жеткериў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаев, Денсаўлықты сақлаў министрлиги – тез медициналық жәрдем бригадалары хызметкерлерине берилетуғын бир мәртелик материаллық жәрдем пулларының мәнзилли жеткерилиўи бойынша;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери, сектор басшылары және Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң аймақлық бөлимлериниң басшылары – пандемия ўақтында жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлар дизимлериниң қәлиплестирилиўин және оларға материаллық жәрдем пулларының өз ўақтында ҳәм мәнзилли жеткерилиўин шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги – зәрүр қаржылардың Өзбекстан Республикасының републикалық бюджетинен Қарақалпақстан Республикасы бюджетине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине өз ўақтында ажыратылыўы бойынша;

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки коммерциялық банклер менен биргеликте – материаллық жәрдем қаржыларын тарқатыў ушын нақ пул менен тәмийинлеў бойынша.

8 Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары Есап-санақ палатасы менен биргеликте бир мәртелик материаллық жәрдемниң өз ўақтында ҳәм мақсетли әмелге асырылыўы үстинен қадағалаў орнатсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқаровқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 30-июль