2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарында кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақалары ҳәм материаллық жәрдемлер төлеў, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң система шөлкемлери (балалар ҳәм меҳрибанлық үйлери, ер жетпегенлер менен ислесиў секторлары ҳәм шаңарақлық балалар үйлери), суў хожалығы шөлкемлерин сақлаў қәрежетлерин республикалық бюджеттен қаржыландырыў тәртиби өзгериссиз қалмақта.
Бюджетте халықтың саламатлығына ишимликлердиң тәсирин кемейтиў мақсетинле 2025-жыл 1-апрельден баслап қурамында қумшекер бар болған мийўе шербетлери, квас, компот, салқын шайларға ҳәм газленген мазалы ишимликлер менен бир қыйлы муғдарда, яғный 1 литр ушын 500 сум муғдарында акциз салығын енгизиў ҳәм басқа маза яки хош ийис бериўши элементлер бар болған ишимликлер ушын төменирек – 1 литри ушын 300 сум муғдарында акциз салығын белгилеў усыныс етилмекте.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясы мәжилисинде «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылып, усы мәселелерге итибар қаратылды.
Фракция ағзаларының пикирине бола, усы бир түрдеги газленген ишимликти ислеп шығарыўда қумшекер яки басқа дәмлендиририўши элемент қосылғанын анықлаў әмелиятта салық ҳәкимшилигин келтирип шығарады. Нәтийжеде салықтан қашыў яки белгиленгенинен көре кемирек салық төлеўге умтылыс күшейеди. Соннан келип шығып, бундай дифференцияластырылған акциз салығын белгилеўден көре, быйылғы жылдағы ставканы (1 литр ушын 500 сум) сақлап қалыў мақсетке муўапық.
Мәжилисте фракция ағзалары Мәмлекетлик бюджет жойбары бойынша мүнәсибет билдирип, мәмлекетлик бюджеттиң бөлистирилиўи менен байланыслы сораўларына жуўапкерлерден толық жуўап алды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА