Өзбекстан Республикасы дөретиўшилик аўқамы миллий ғалаба хабар қуралларында жумыс ислеп атырған журналистлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, дөретиўшилик потенциалын жоқарылатыў, елимиздиң социаллық турмысындағы, реформалар процессиндеги қатнасыўын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған дәстүрий «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўын пандемия себепли жүзеге келген карантин шараятында Ўақытша реже тийкарында, онлайн тәртипте өткерди.
Таңлаў ғалаба хабар қуралларының барлық бағдарлары-телевидение, радио, баспасөз, фото ҳәм интернет журналистикасы бойынша шөлкемлестирилди.
«Жылдың ең белсенди журналисти – 2020» таңлаўының жеңимпазларын анықлаў, дөретиўшилик жумысларды баҳалаўда баспа ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет басылымларда басып шығарылған мақалалар, телерадиоканалларда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм демократиялық жаңаланыўлар процесси, атап айтқанда, коронавирус пандемиясы ҳәм айрықша жағдайларда жәмийетимизде адамларымыз тәрепинен көрсетилип атырған пидайылық, өз-ара ҳүрмет, меҳир-мүриўбет ҳәм кеңпейиллик сыяқлы пазыйлетлер күн сайын беккемленип атырғаны, Ўатан тәғдирин ҳәм келешегин ойлаў сезими руўхый турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып баратырғаны өз сәўлелениўин тапқан материалларға айрықша итибар қаратылды.
«Жылдың ең белсенди журналисти – 2020»
- Реймов Қонысбай,
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы
Қарақалпақстан турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың мақсет-ўазыйпалары ҳәм нәтийжелери, жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерден халықтың хабардарлығын арттырыўға қаратылған мақалалары ушын.
ӨзА