Ҳәр бир инсанға ылайықлы түрде жасаў шараятын жаратып бериў мәмлекетлик уйымлардың миннети болып есапланады.

Тақыятас районы «Кенегес» АПЖдағы Айтқуслы аўылында жасайтуғын 58 пуқараның турмысы қәўипте екенлиги, яғный, бул жердеги электр тармақларының сымлары аўыл турғынларының өзлери тәрепинен қурылған бақан ағашларға қыстырылып, бир-неше жылдан берли усы жердиң турғынларының өмирине қәўип туўдырып киятырғанлығы анықланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тақыятас районындағы Халық қабыллаўханасына аўыл турғынларының билдирген мүрәжатында, балаларымыз ҳәм ақлықларымызды тоқ урмайды, деп ким кепиллик бере алады?-деп қәўиплениўинде ҳақыйқат бар.

– Әлбетте, барлық исленетуғын жумысларға мәмлекет тәрепинен қаржы ажыратылатуғынлығына үйренгенбиз. Бирақ, усы аўыл турғынлары бир-бирине жәрдем берип, көмек жолы менен жайлар салған,-дейди райондағы Халық қабыллаўханасының баслығы Д.Наўрызбаев. – Биз усындай машқалаларды шешиўде ертеден киятырған дәстүрлеримизге сай халықты усындай жол менен бирлестириўге ҳәрекет еттик.

Тақыятас районы Халық қабыллаўханасы басшылығында усы округтен сайланған депутатлар, сектор басшылары, электр тармақлары кәрханасы ҳәм аймақ турғынларының жәрдеминде бул жерге 15 дана ағаш үстинлер орнатылды. Электр сымлары жоқарыға шығарылды.

Қабыллаўхана хызметкерлери, мәмлекетлик уйымлар тек басшылық етип қалмастан, 42 градуслық ыссыда бул жумысларға тиккелей қатнасты. Пуқаралар менен биргеликте жумыс алып барды.

Усындай әмелият районның басқа да жерлеринде өткерилип, халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў режелестирилмекте.

                                                        

          Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги