Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсири ақыбетинде ең көп зыян көрген ҳәм көрип атырған туризм және оған тиккелей байланыслы болған тармақларды қоллап-қуўатлаў, жүз мыңлаған жумыс орынларын ҳәм маман қәнигелерди сақлап қалыў, олардың дәраматларын услап турыў, сондай-ақ, елимизде санитариялық-эпидемиологиялық жағдай жақсыланыўына қарап туризм тараўын жедел қайта тиклеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасына коронавирустың жаңа түри кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссия, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм туризм тараўы субъектлериниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

белгиленген санитариялық-гигиеналық нормалар менен талапларға қатаң әмел еткен ҳалда 2020-жылдың 1-июнинен «жасыл» ҳәм «сары» категориядағы аймақларда туризмди қайта жолға қойыў  менен биргеликте уқсас шөлкемлердиң (туроператорлар, турагентликлер, жайластырыў қураллары, мәденият ҳәм мәдений мийрас объектлери ҳәм басқалар) жумысын баслаў;

пуқараларына Өзбекстан Республикасына кириўге руқсат етилетуғын еллердиң дизимин белгилеп алған ҳалда кириў туризмди басқышпа-басқыш қайта тиклеў.

  1. Туроператорлар, турагентлер, сондай-ақ, жайластырыў қураллары ушын:

2020-жылдың 1-июнинен  31-декабрине шекем пайда салығының ставкасы белгиленген ставкаға салыстырғанда 50 процентке азайтылатуғыны;

2020 ҳәм 2021-жылдың жуўмақлары бойынша зыянларды  Өзбекстан Республикасы Салық кодексинде нәзерде тутылған муғдар менен шекленбеген тәризде өткериў ҳуқықы берилетуғыны;

2021-жыл 1-январьға шекемги дәўирде туристлик (мийманхана) жыйымын есаплаў ҳәм төлеў тоқтатылатуғыны белгиленсин.

Жайластырыў қуралларына алкоголь өнимлери менен усақлап сатыў ҳуқықы ушын жергиликли жыйымды төлеўди 2021-жыл 1-январьға шекемги  мүддетке мәмлекетлик салық хызмети уйымларын хабардар етиў ҳәм кейин ала оларды  12 ай даўамында тең бөлеклерде төлеў тийкарында процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) ҳуқықы бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда-Қор) қаржылары есабынан:

2020-жылдың 1-июнинен 31-декабрине шекемги дәўирде төмендегилерге Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссия тәрепинен белгиленетуғын өлшемлер тийкарында 12 ай мүддетке бир мәртелик мақсетли процентсиз ссудалар ажыратыў түринде:

туроператорларға 2019-жылдағы орташа мийнет ҳақы қорының үш есесинен аспайтуғын муғдарда;

жайластырыў қуралларына ҳәр бир жатақ орны ушын базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында;

б) Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки жумысын шөлкемлестириў тәртибине муўапық туризм тараўындағы «стартап» жойбарлар ҳәм инновациялық бизнес идеяларды, соның ишинде, биринши гезекте туристлер ушын қолайлықлар жаратыўға бағдарланған мәлимлеме бағдарламалары менен хызметлерин улыўма 1,5 миллиард сум муғдарында айырым бөлегин субсидиялаў арқалы;

в) 2020-жылдың 1-июнинен 2021-жылдың 31-декабрине шекемги дәўирде республика аймақларында (Ташкент қаласы буған кирмейди) сырт ел асханасы ямаса айрықша бағдар бойынша қәнигелескен тематикалық аўқатланыў шақапшалары, аўқат ҳәм азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў, сондай-ақ, сувенир өнимлерин жеткерип бериў бойынша хызметлерди шөлкемлсетириў бойынша жойбар интакерлерине жойбар баҳасының 30 проценти, бирақ ҳәр бир жойбар ушын 100 миллион сумнан артық болмаған муғдарда грантлар ажыратыў арқалы;

г) 2020-жылдың 1-июнинен 2021-жылдың 31-декабрине шекемги дәўирде жаңа туризм өнимлери менен бағдарларын ислеп шығыў ҳәм үгит-нәсиятлаўға гидлер ушын  5 миллион сум, туроператорлар ушын 10 миллион сум муғдарында грантлар ажыратыў арқалы қосымша жәрдем көрсетилетуғыны белгиленсин.

  1. Мәмлекет тәрепинен төмендеги қосымша жәрдем көрсетилсин:

а) Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан төмендегилерди  субсидиялаў:

жайластырыў қуралларын қурыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен бурын берилген кредитлер бойынша 2020-жыл 1-марттан 1-июньға шекемги дәўирде туризм тараўы субъектлериниң  процент қәрежетлери;

жайластырыў қуралларын қурыў ушын туризм тараўының субъектлерине бурын берилген кредитлер бойынша 2020-жыл 1-июньнен 2022-жыл 1-январьға шекемги дәўирде процент қәрежетлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан, бирақ 10 процентлик пункттен артық болмаған бөлими;

жаңа санитариялық-гигиеналық талапларға муўапықластырыў ушын туризм тараўының субъектлерине берилетуғын кредитлер бойынша  процент қәрежетлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан, бирақ, 10 процентлик пункттен артық болмаған бөлеги;

айланыстағы қаржыларды толықтырыў ушын туризм тараўының субъектлерине берилетуғын 1 миллиард сумға шекемги муғдарда  кредитлер бойынша 2020-жыл 1-июньнен 31-декабрьге шекемги дәўирде процент қәрежетлериниң Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан бирақ 10 процентлик пункттен артық болмаған бөлеги;

б) 2020-жыл 1-июньнен 2021-жыл 31-декабрьге шекем жайластырыў бойынша хызметлер (мийманхана хызметлери) баҳасының 10 процент муғдарында жайластырыў қуралларын субсидиялаў;

в) Қордың қаржылары есабынан Өзбекстан Республикасы резидентлери –  туроператорлар ҳәм турагентлерге кириў туризминиң қайта басланған күнинен баслап кирип келетуғын сырт ел туристлериниң улыўма саны 500 мыңға жеткенге шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы «Өзбекстан Республикасында туризм тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5781-санлы Пәрманына муўапық компенсация етилетуғын чартер рейслер арқалы алып келингенлерден тысқары Өзбекстан Республикасына  алып келинген ҳәм хызмет көрсетилген ҳәр бир сырт ел туристи ушын 15 АҚШ доллары муғдарында, олардың Өзбекстан Республикасы аймағында кеминде бес сутка болыў шәрти менен хошаметлейтуғын субсидиялар ажыратыў;

г) Қордың қаржылары есабынан кириў туризми басланған күннен баслап 2020-жыл 31-декабрьге шекем кеминде 10 адамнан ибарат сырт ел туристлик топарлары ушын Өзбекстан Республикасында тур шөлкемлестириў ҳәм олардың жайластырыў қуралларында кеминде бес күн қонып қалыў шәрти менен тур операторлардың авиа ҳәм темир жол билетлери бойынша қәрежетлерин билет баҳасының 30 проценти муғдарында  айырым бөлегин субсидиялаў;

д) 2021-жыл 1-июньға шекем Қордың қаржылары есабынан мийманханаларға категория алыў ямаса арттырыў ушын  реновация, реконструкция және материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша қәрежетлерди алынған категорияны келеси  3 жыл даўамында сақлаў шәрти менен төмендеги муғдарда;

3 жулдызлы категориядағы мийманханалардың ҳәр бир ханасы ушын 5 миллион сум;

4 жулдызлы категориядағы мийманханалардың ҳәр бир ханасы ушын 10 миллион сум;

5 жулдызлы категориядағы мийманханалардың ҳәр бир ханасы ушын 15 миллион сум.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети қарамағындағы техникум ҳәм колледжлерге 2020-жылы оқыўға қабыл етилген барлық тыңлаўшыларды оқытыў, бурынғысынан басқаша тәризде, мәмлекетлик грант тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Орайлық банктиң 2020-жыл 1-октябрьден баслап жайластырыў қуралларын қурыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен бурын берилген кредитлер бойынша тийкарғы қарыз төлемин 18 айдан 24 айға шекем создырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  3. 2022-жыл 1-январьға шекем юридикалық тәреплер белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын дезинфекция жумысларын алып барыў ушын үскенелер, техникалар, олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклери, объект ҳәм қурылмаларын қурыў реконструкциялаў ҳәм үскенелеў ушын байланыссыз басқарылатуғын (сенсорлы) үскенелер, сондай-ақ, ийиси жоқ дезинфекциялайтуғын қураллары ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар ҳәм қосымша қун салығынан тысқары) азат етилсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

бир ҳәпте мүддетте Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қорының есабынан усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўды баслаў ушын Қорға 20 миллиард сум ажыратылыўын, сондай-ақ, зәрүрликке қарай Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң буйыртпаларына муўапық Пәрманның 3 ҳәм 4-бәнтлеринде нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен туризм тараўындағы техникум ҳәм колледжлерге 2020-2021-оқыў жылында қәнигелерди таярлаў ушын қаржыларды ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

Қаржы министрлиги менен биргеликте қабыл етилген қоллап-қуўатлаў илажларының нәтийжелилиги үйренилиўин ҳәм оның жуўмақлары бойынша кейинги жыллары мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын көриў бойынша усыныслар 2021-жыл 15-январьға шекем киргизилиўин тәмийинлесин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 28-май