USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

«МЕҲР-САХОВАТ» КӨКИРЕК БЕЛГИСИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Дүнья көлеминде кең тарқалып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тәбийғый апатшылықлар, айрықша жағдайлар себепли елимиз басына түскен сынақлы күнлерде орын алған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресте, олардың ақыбетлерин сапластырыўда мәртлик ҳәм ерлик үлгисин көрсеткен, миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримизди мүнәсип даўам еттирип, мириўбет, сақаўат, сақыйлық ҳәм кеңпейиллик пазыйлетлерин улығлап киятырған, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға бийминнет жәрдем бериў бойынша жумысларды улыўмахалықлық ҳәрекети дәрежесине көтериўге үлкен үлес қосқан, жәмийетимизде тынышылық-абаданлық, бирлик ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўде белсене қатнасып, бийғәрез қайырқомлық жәрдеми және ийгиликли ислери менен көпшиликке айрықша өрнек болып атырған ўатанласларымызды сыйлықлаў мақсетинде:

  1. 1. «Меҳр-саховат» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин.
  2. 2. Төмендегилер:

«Меҳр-саховат» көкирек белгиси ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;

«Меҳр-саховат» көкирек белгисиниң сыпатламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте «Меҳр-саховат» көкирек белгилери ҳәм олардың гүўалықлары белгиленген тәртипте таярланыўын тәмийинлесин.
  2. 4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,  

2020-жыл 26-май

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2020-жыл 26-майдағы ПП-5999-санлы Пәрманына 1-қосымша

 

«Меҳр-саховат» көкирек белгиси ҳаққындағы

РЕЖЕ

  1. 1. «Меҳр-саховат» көкирек белгиси менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары:

– дүнья көлеминде кең тарқалып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы дәўиринде, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тәбийғый апатшылықлар, айрықша жағдайлар себепли елимиз басына түскен сынақлы күнлерде орын алған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресте, олардың ақыбетлерин сапластырыўда мәртлик ҳәм ерлик үлгисин көрсеткени;

– кеңпейил халқымыздың уллы тарийхый ҳәм мәнаўий қәдириятларын, миллий дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирип, мириўбет, сақаўат, сақыйлық ҳәм мәртлик пазыйлетлерин улығлап киятырғаны;

– халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды улыўмахалықлық ҳәрекети дәрежесине көтериўге үлкен үлес қосқаны;

– қайыр-сақаўат қаржыларын дурыс ҳәм қалыс жумсаў, қыйын жағдайға түскен халыққа өз ўақтында бийминнет жәрдем бериўдеги интакерлиги;

– бүгинги қыйын ҳәм аўыр шараятта жәмийетте тынышлық-абаданлық, бирлик ҳәм өз-ара аўызбиршилик орталығын беккемлеўдеги белсендилиги;

– бийғәрез қайырқомлық жәрдеми және ийгиликли ислери менен көпшиликке айрықша өрнек болғаны ушын сыйлықланады.

  1. 2. «Меҳр-саховат» көкирек белгиси менен Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сыйлықланыўы мүмкин.
  2. 3. «Меҳр-саховат» көкирек белгиси Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса оның атынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери, Өзбекстан Республикасының Бас министри, министрлик, уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң республикалық уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, сондай-ақ, оған ўәкил етилген басқа шахслар тәрепинен салтанатлы жағдайда тапсырылады.
  3. 4. Сыйлықланғанларға көкирек белги менен бирге оның гүўалығы бериледи.
  4. 5. «Меҳр-саховат» көкирек белгиси көкиректиң шеп тәрепине мәмлекетлик сыйлықлардан кейин тағылады.

 

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2020-жыл 26-майдағы ПП-5999-санлы Пәрманына 2-қосымша

 

«Меҳр-саховат» көкирек белгисиниң

СЫПАТЛАМАСЫ

«Меҳр-саховат» көкирек белгиси 0,25 микрон қалыңлықта алтын қапланған мыс қатпасынан таярланады ҳәм диаметри 34 миллиметрли шеңбер түринде болады.

Көкирек белгиниң орайында шығып киятырған қуяш нурлары фонында ғамхорлық пенен қушақ ашып турған инсанлардың рәмзий көриниси сәўлеленген. Көкирек белгисиниң айланасы бойлап, жоқары бөлиминде ақ эмаль фонында «MEHR-SAXOVAT» жазыўы ҳәм төменги бөлиминде еки лавр шақасы  жайласқан. Ҳәриплердиң бийиклиги – 2,2 миллиметр.

Көкирек белгиниң арқа тәрепинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы сәўлеленген.

Көкирек белгисиниң қалыңлығы – 3 миллиметр.

Жазыў ҳәм сүўретлер – дүңки.

Көкирек белгисиниң алды ҳәм арқа тәреплериниң шетлери дүңки шеңбер менен оралған.

Көкирек белгиси илмек ҳәм домалақ жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы реңлериндеги шайы лента қапланған бес қырлы илдиргишке шекем жалғанған.

Илдиргиштиң арқа тәрепине көкирек белгисин кийимге тағып қойыў ушын илгек көринисиндеги белги орнатылған.