USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА РАМАЗАН ҲАЙЫТЫ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Ўзбекистон халқига Рамазон ҳайити табриги​

Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды, нураний ата ҳәм аналарымызды, қәдирли аға-инилеримизди, әжапа-қарындасларымызды, күш-ғайратлы жасларымызды, ийман-исенимли халқымызды мүбәрек Рамазан ҳайыты менен қызғын қутлықлап, ең жақсы  тилеклеримди билдиремен.

Рамазан айы жақсылық, қайыр-сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт айы сыпатында елимиздиң социаллық-мәнаўий турмысында бурыннан айрықша орын  ийелеп келеди.

Бул қутлы айда сабыр-тақат, шүкиршилик, руўхый пәклениў, меҳир ҳәм жәрдемге мүтәж адамларға және де итибарлы болыў, саўаплы әмеллер ислеў сыяқлы уллы пазыйлетлер быйылғы жыл елимизде ҳәр қашанғыдан да айқын көринди, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, – деп ойлайман.

Мәрт ҳәм жигерли халқымыз коронавирус пандемиясы, басымызға түскен түрли сынақлар ҳәм табийғый апатшылықлар шараятында «Алла таала сабыр-тақатлы адамлар менен бирге», деген иләҳий сүренге  әмел етип, түскинликке берилмей, және де татыў ҳәм бир болып, адамгершилик, жәмийетшиликтиң жоқары үлгисин көрсеткенин дүнья жәмийетшилиги тән алмақта. Усының менен ҳәр қанша мақтансақ, арзыйды.

Әсирлер даўамында халқымыздың санасында кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт, үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге иззет, беккем ерк-ықрар сыяқлы ибратлы пазыйлетлерди қәлиплестириўде қутлы Рамазан айына тән қәдириятлардың орны ҳәм тәсири әлбетте тәкирарланбас болып есапланады.

Әзиз дослар!

Ҳәммеге белгили, ҳәзирги күнде пүткил дүнья халқы сыяқлы биз де коронавирус пандемиясы менен байланыслы қурамалы жағдайды басымыздан өткермектемиз. Усы жерде бир ҳақыйқатты еслетип өтиўди зәрүр, деп билемен.

Қүдирети шексиз Алла таала муқаддес Қуранда адамларды жуўапкершиликли сынақлы күнлеринде сабыр-тақатлы болыўына шақырып, «Әлбетте, қыйыншылық пенен бирге жеңиллик те бар», деп мәрҳамат етеди.

Шынында да,  ҳәр қандай тәшўиш артында жеңиллик ҳәм жақты күнлер барлығын коронавирус кеселлигинен тәўир болып шығып атырған, табийғый апатшылықлар себепли турақ жайынан айрылған, бирақ мәмлекетимиз ҳәм елимиздиң үлкен жәрдеми менен өз турмысын жаңадан жолға қойып атырған мыңлаған ўатанласларымыз шын жүректен сезбекте.

Усы мәнисте, бүгинги қыйыншылықлар әлбетте өтип кетеди, еле қанша қуўанышлы күнлер, байрам ҳәм  ҳайытларды ҳәммемиз биргеликте белгилеймиз, деп исенемен.

Ҳәр қандай қыйыншылықты мийнет ҳәм ерлик, сабыр-тақаты менен мәртлик пенен жеңип өткен уллы халқымыз бул сынақлардан және де күшли ҳәм қудиретли болып шығатуғынына гүман жоқ.

Әне усындай қатаң исеним ҳәм көтериңки кейпият пенен бүгинги күнде елимизди раўажландырыў жолында дәўирдиң өзи талап етип атырған, биз баслаған кең көлемли реформалар ҳәм өзгерислерди бир жағадан бас шығарып, избе-из әмелге асырып, алдымызға қойған үлкен жетискенликлерге әлбетте ерисемиз.

Сиз, әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларымды жақсы нийетлер әмелге асатуғын, сақаўатлы әмеллер ушын шексиз саўаплар жаўылатуғын, өз-ара биргелик, дослық ҳәм татыўлық сезимлери жырланатуғын қуўанышлы Ийд-ул-Фитр менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Пурсаттан пайдаланып, дүньядағы барлық мөмин-мусылман досларымызды да халқымыздың атынан қызғын қутлықлап, оларға тынышлық, қут-берекет ҳәм татыў өмир тилеймен.

Нийети пәк, мақсетлери уллы халқымыздың усы саадатлы ўақытларда тилеп атырған дуўа-ибадатлары әмелге ассын!

Алла таалам бәрқулла жолымызды да, жүзимизди де ашық етсин! Елимизди түрли бәле-апатлардан Өзи сақласын!

Ўатанымыз тыныш, халқымыз саў-саламат болсын!

Рамазан ҳайыты ҳәммемизге мүбәрек болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти