USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ТҮРКИЯ ПРЕЗИДЕНТИ МЕНЕН ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСИЎИ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-май күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары пүткил мусылман дүньясы ушын шадлық ҳәм шүкиршилик, қайыр-сақаўат ҳәм жақсылық әййямы болған мүбәрек Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен өз-ара  қутлықлады ҳәм туўысқан халықларымызға бахыт-ығбал ҳәм тынышлық тиледи.

Президентлер еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги мәселелерге айрықша тоқтап өтилди. Заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде жақыннан бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша исленип атырған қатаң илажлар, усы қәўипли кеселликтиң унамсыз ақыбетлерин азайтыў, халыққа мәнзилли жәрдем көрсетиў, экономиканың әҳмийетли тармақлары ҳәм бизнестиң раўажланыўына жәрдемлесиў бойынша әмелге асырылып атырған кризиске қарсы бағдарлама қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия Президентине пандемияға қарсы гүресте, сондай-ақ, Сардоба суў сақлағышындағы айрықша ҳәдийсе мүнәсибети менен көрсетилген әмелий жәрдем ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан ҳәм Түркия нәтийжели регионаллық транспорт коридорларын раўажландырыў, соның ишинде, «Баку-Тбилиси-Карс» темир жолынан белсене пайдаланыўдан, сондай-ақ, жүк тасыўлардың көлемин арттырыў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириўден мәпдар болып есапланады.

Сөйлесиўде көп қырлы Өзбекстан-Түркия қатнасықларын, бәринен бурын саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди, атап айтқанда, Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң усы жылдың басында Анқара қаласында болып өткен биринши мәжилисиниң қарарларын өз ўақтында әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Саўда көрсеткишлериниң динамикасын сақлаў және экономиканың түрли тармақларында Өзбекстан ҳәм Түркияның жетекши компаниялары менен  банклериниң қатнасыўындағы тийкарғы инвестициялық жойбарларды алға қойыў бойынша биргеликтеги жумысларды, атап айтқанда, еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссия жумысы шеңберинде даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Сөйлесиў соңында регионаллық бирге ислесиў ҳәм халықаралық сиясаттың бир қатар әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Президентлер Түркия кеңесине ағза мәмлекетлердиң денсаўлықты сақлаў, экономика, саўда ҳәм транспорт министрликлериниң басшылары арасындағы онлайн ушырасыўлардың пайдалы нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Сөйлесиў әдеттегидей ашық, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА