Ташкентте 11-март күни БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы жанындағы Акселератор Лаборатория тәрепинен Арал теңизиниң ултанын көклемзарластырыўға қаратылған «Green Aral Sea» краудфондинг басламасына старт берилди.
Теңиздиң қурыған ултанындағы 100 гектар майданға 100 мың түп сексеўил нәлди егиўди нәзерде тутатуғын бул басламадан гөзеленген мақсет – Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў, аймақта жасайтуғын халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға үлес қосыўдан ибарат.
Бир ўақытлары үлкенлиги жағынан дүньяда төртинши көл есапланған Арал өз атырапында абадан турмыс шараятын тәмийинлеген көтериңки экосистема мәканы еди. Тилекке қарсы, бүгинги күнге келип теңиз өз көлеминиң 90 процентин жоғалтты. Апатшылық халықтың турмысын, денсаўлығын, экономика ҳәм аймақтағы биологиялық ҳәр түрлиликке зыян жеткерди.
Сонлықтан усы апатшылықтан халықаралық жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырған ҳалда, пайда болған шөлди тийисли халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде сексеўил тоғайлығы менен қаплаў әҳмийетли мәселеге айланған.
Бул баслама еки өз-ара байланыслы мақсетке ийе. Бириншиден, Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўда Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында глобал ҳәм миллий көлемде хабардарлықты арттырыў, екиншиден, Аралбойы аймағында әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәрекетлерге стратегиялық үлес қоса алыў потенциалына ийе альтернатив қаржыландырыў қуралларын қолланыў лазым.
Усы илажлардың нәтийжесине бола, қурыған теңиз ултанында жасыл тоғай аймағын кеңейтиўден тысқары, биологиялық ҳәр түрлиликти арттырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм турақлы дәрамат алыўдың жаңа дәреклерин жаратыў да нәзерде тутылған.
– Аралдың ултанын көклемзарластырыў бойынша жумыслар 2018-жылдың декабринде басланған, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Жусипбек Казбеков. – Өткен жылы 461 мың гектар жерге сексеўил егилди. Бир миллион еки жүз гектар майдан туқым егиўге таярланды. Усы ийгиликли жумысқа Өзбекстанның түрли ўәлаятларынан мыңнан аслам адам жәрдемге келди, 500 ден зыят техника, соның ишинде, 7 АН-2 самолёты тартылды. Усы жылы 700 мың гектар жерге сексеўил егиў режелестирилген. Ҳәзирге шекем 680 мың гектар майдан туқым себиў ушын таярланды. Быйылғы жылғы процессте еки ярым мың адам, мыңға шамалас техника қуралы, төрт самолёт бәнт. 16 мың гектар майданға сексеўил дельтаплан жәрдеминде егилди. Бүгиннен БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы тәрепинен 100 гектар майданға 100 мың түп сексеўил егиў бойынша сынақ жойбары иске түспекте.
Жойбардың алдынғыларынан парқы сонда, енди Арал ултанын көклемзарластырыўды қаржыландырыўдың альтернатив жоллары енгизиле баслады. Онда шөлкемлер, компаниялар, бизнес структуралар ҳәм ҳәттеки, физикалық тәреплер өз қаржылары менен қатнасыўы мүмкин.
– Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз Арал бойын жасыл аймаққа айландырыў арқалы Өзбекстанға жәрдем бериў, – дейди БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска. – Усы жойбар шеңберинде машқаланы шешиўге инновациялық қатнас жасаўда, Арал бойын көгалландырыў жумысларын қаржыландырыўдың альтернатив жолларын ислеп шығыў болып есапланады. Мәселен, краудфонд процесси тап усы баслама шеңберинде биринши мәрте қолланылмақта. Онда ҳәр қандай шахс ямаса шөлкем, компания ямаса бизнес структуралары өз қаржысы менен усы жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўы мүмкин. Бүгин жумсалып атырған ҳәр бир доллар ямаса жүз мың сум, бир түп нәл егиў ҳәм оны өсириў дегени. БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы усы жойбарды турмысқа енгизиў ушын, әллеқашан ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар, шөлкемлер менен бирге ислесиўди баслап жиберген.
Баслама Аралбойы аймағының қурамалы ҳәм өз-ара байланыслы машқалаларына комплексли қатнас жасаўдың бир бөлеги болыўы күтилмекте. Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен усы аймақты экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасына айландырыў концепциясы ислеп шығылған. Усыған байланыслы, аймақта кең көлемли инновациялық өзгерислер алға қойылмақта. Демек, усы баслама бул бағдарда Өзбекстан ушын өз-ара муўапықластырылған жәрдем болатуғынына гүман жоқ.
Илажда көплеген компаниялар, физикалық тәреплер жойбарға қосылатуғынына үмит билдирилди.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы