Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси өткерилди. Оны Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Кенгаш ағзалары тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи ҳәм Парламентке Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Хәрекетлер бағдарламасы және Сенаттың 2020-жылдың биринши ярымына мөлшерленген жумыс режеси додаланды.
Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты мәмлекетимизди раўажландырыўдың стратегиялық жолы, демократиялық реформаларды және де тереңлестириўге хызмет ететуғын әҳмийетли бағдарлама болып есапланады. Онда мәмлекетимиз ушын демократиялық реформалар бирден-бир ҳәм дурыс жол екени дәлиллер менен көрсетип берилди.
Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында Сенатқа жуўапкерли ўазыйпалар жүкленди. Ҳәрекетлер бағдарламасында усы ўазыйпаларды сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў бойынша тийкарғы бағдарлар белгиленген. Атап айтқанда, Сенаттың нызам дөретиўшилиги ҳәм қадағалаў-таллаў жумысы, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети нәтийжели орынланыўын қадағалаў системасын жетилистириў нәзерде тутылған.
Келешекте министрликлер, уйымлар және аймақлар басшыларының нызамлар, мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалардың орынланыўы, сондай-ақ, орынлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелердиң шешими бойынша есабат ҳәм мәлимлемелерди турақлы додалап барыў режелистирилген.
«Жәмийет – реформалардың басламашысы» деген жаңа идеяның мәнис-мазмунынан келип шыққан ҳалда Олий Мажлис Сенаты аймақлық ўәкиллик палатасы сыпатында халық пенен қарым-қатнас ҳәм жәмийетшилик пенен мүнәсибетлерди және де беккемлеўге тийкарғы әҳмийет қаратады. Бул бағдарда халықты қыйнап атырған машқалаларды шешиўдиң нәтийжели системасын жаратыў, жаслардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызларды, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаялларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бәнтлигине жәрдем бериў, гендер теңликти тәмийинлеўге байланыслы ўазыйпалардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў илажлары белгиленген.
Буннан тысқары, жергиликли Кеңеслердиң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, Сенаттың олар менен бирге ислесиўин күшейтиў, Кеңеслерге әмелий ҳәм методикалық жәрдем бериў илажлары белгиленген. Аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары менен биргеликте жергиликли Кеңеслердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, соның ишинде, аймақлық атқарыўшы уйымлардың жумысы үстинен қадағалаўды күшейтиў мәселелерине бағышланған оқыўлар шөлкемлестириледи. Бул бағдарда Самарқанд ўәлаятының тәжирийбесин барлық аймақларда енгизиў режелестирилген.
Соның менен бирге, Олий Мажлис Сенатында турақлы тийкарда ислеўши сенаторлар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы жергиликли Кеңеслерге, орынлардағы Сенат ағзалары болса тийисли районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге жуўапкер етип бириктирилди.
Коррупцияға қарсы гүресиўде Сенаттың ролин күшейтиў, жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы жумысы үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар бериледи.
Мәмлекетимиздиң сырт еллер менен қатнасықларын раўажландырыў, халықаралық байланысларды беккемлеў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда Сенаттың ролин және де күшейтиў және парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў парламент жоқары палатасының тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленди.
Сенаттың комитет баслықлары додаланған мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
– Жыл даўамында комитетимиз Нызамшылық палатасы менен орынларда парламентлик қадағалаўды избе-из жолға қойып, әҳмийетли социаллық машқалаларды таллап үйренип барады, – деди сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы Робахан Маҳмудова. – Заман талапларына қарап жергиликли Кеңеслердиң жумысында да жаңа сапа өзгерислерге ерисемиз. Олардың нәтийжели жумысын шөлкемлестириўге жәрдем бериў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында депутатлық қадағалаўды күшейтиў дыққат-итибарымызда болады. Сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессияларында орынлардағы жоқары оқыў орынлары ректорларының 2019-жылы әмелге асырған жумыслары ҳәм 2020-жыл ушын режелестирген ўазыйпалары бойынша есабатлары биринши мәрте тыңланады. Соның нәтийжесинде халқымыз системадағы машқалалардан хабардар болады. Бул ҳәрекетлер жәмийетте коррупцияға қарсы маўасасыз көзқарастың жүзеге келиўине хызмет етеди.
Кенгаш Сенаттың Жергиликли ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларының жумысын күшейтиўге жәрдем беретуғын комиссияны дүзиў ҳаққында қарар қабыл етти.
Мәжилисте Сенат Кенгашиниң ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы