Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте «Халықты субсидия тийкарында арзан турақ жай менен тәмийинлеў» темасында жәмийетшиликтиң тыңлаўы шөлкемлестирилди.

Онда халықты субсидия тийкарында арзан турақ жай менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Орайлық банк ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлердиң баянатлары тыңланды.

Сенаторлар тәрепинен ипотека кредити бойынша мәмлекет субсидияларын бериўдеги инсапсызлық қәўиплерин баҳалаў бойынша өткерилген изертлеў нәтийжелери ҳәм сол тийкарда ислеп шығылған усыныслар қызғын додаланды.

Атап өтилиўинше, тараўда ипотека кредитлерин бериў көлемин және де кеңейтиў, жеке меншик жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў,  турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж шахсларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин енгизиў, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе.

Атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған жумыслардың өз гезегинде мақсети халқымыздың турақ жайға болған талабын қанаатландырыўдан ибарат.

Додалаўлар даўамында илимпазлар ҳәм қәнигелердиң пикирлери тыңланды.

Мәжилис соңында халықты турақ жай менен тәмийинлеўге қаратылған пикир-усыныслар улыўмаластырылып, жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға усыныўға қарар етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА