Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң фотохабаршысы Алмурод Мамадаминовтың Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына бағышланған «Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!»  сүрени астында «СПОРТ! ҳәм және СПОРТ ҳаққында!» деп аталған IV жеке фотокөргизбеси болып өтти.

Илажда Өзбекстан журналистлер аўқамы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Х.Салимов, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Фотомәлимлеме редакциясының бас редакторы Ш.Тоҳиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибарға, соның менен бирге, бул көргизбениң әҳмийетине тоқтап өтти.

Алмурод Мамадаминов (Муҳаммад АМИН) 1958-жылы 15-сентябрьде Сурхандәрья ўәлаятында туўылған. Мағлыўматы жоқары. Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)н тамамлаған.

Ол мийнет жолын 1983-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң «Ташкент университети» көп тиражлы газетасында техникалық редактор сыпатында баслады. Буннан соң, «Ёш Ленинчи» (ҳәзирги «Ёшлар овози») газетасында хабаршы, үлкен хабаршы, жуўаплы хаткер орынбасары, бөлим баслығы, «Ўзбекистон овози» газетасында фотохабаршы лаўазымларында иследи. 1996-жылдан баслап Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАда фотохабаршы лаўызымында жумыс алып бармақта.

А.Мамадаминов фотохабаршы сыпатында мәмлекетимизде ҳәм сырт елде өткерилетуғын ҳәр қыйлы абырайлы әнжуманлар, фестивальлар, спорт жарыслары, көргизбелерден фоторепортажлар, фотокөринислер таярлап, республикамыздың ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўинде ылайықлы үлесин қосып киятырған дөретиўшилерден бири.

Ол мийнет жолы даўамында жүзлеген шәкиртлер таярлады. Ҳәзирги ўақытта олар республика ғалаба хабар қуралларында фотохабаршы сыпатында жумыс алып бармақта. Оның фотоларының бас темасы – халқымыздың бай тарийхы, мәденияты, миллий қәдириятлары, адамлардың мәртлиги, миймандослығы, мийнет сүйгишлиги, өзиниң ийгиликли мақсети жолында тынымсыз ҳәрекет етиўи, жоқары нәтийжелерге ерискен жасларымыздың жеңиси, қуўанышы, халқымыздың уллы пазыйлетлери, заманымыз қаҳарманларының өтмиши, бүгини, турмысы, сезимлери, арзыў-умтылыслары болып есапланады.

Дөретиўшиниң дөретиўшилик үлгилери республика көлеминдеги басылымларда, фотоальбомларда, ғәрезсизлигимиз, тынышлық-татыўлығымыз, халқымыздың бахытлы ҳәм абат турмысы, дөретиўшилик потенциалы, жасларымыздың күш-жигерин сәўлелендириўши плакатлардан кең түрде орын алған. Спорт темасындағы «Тезирек, бийигирек, күшлирек» атлы жеке көргизбесин 2018-жылы халыққа усынды. 2019-жылы Өзбекстан спорт министрлиги тәрепинен «Спорт ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. 2021-жылы Спорт министрлигиниң «Ең белсенди спорт фотохабаршысы» номинациясында жеңимпаз болды.

Ол мийнет жолы даўамында Лондон ҳәм Токиода өткерилген жазғы олимпиада ойынларында мәмлекетимиз делегациясы қурамында қатнасып, спортшыларымыздың жеңисли демлерин онлайн түрде жарыта алды. Сондай-ақ, Түркияда өткерилген «Ислам тилеклеслик ойынларында», Ханчжау (Қытай)да болып өткен Азия ойынларында фотохабаршы сыпатында қатнасып, спортшыларымыздың жеңислерин фотобъективине жазып қалдырды.

2022-жылы Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери күни мүнәсибети менен жәрияланған Президент пәрманы тийкарында «Содиқ хизматлари учун» медалы менен сыйлықланған. Жақында Нураний қоры тәрепинен «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Д.Абибуллаев, М.Ҳабибуллаев (сүўретши),

Қарақалпақстан хабар агентлиги