ФОТОРЕПОРТАЖ
«Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде «Ўатан келешеги-жаслар қолында» жойбары шеңберинде «Конституция билимданы» таңлаўын өткериў дәстүрий түрге енди.
Быйылғы жылғы таңлаўдың төменги басқышларында республикадағы барлық улыўма билимлендириў мектеплериниң 11-класс ул-қызлары, кәсип-өнер мектеби, колледж ҳәм техникумлар, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери қарамағындағы академиялық лицейлердиң 2-басқыш оқыўшылары өз-ара беллести. 10 қатнасыўшы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында беллесиў имканиятын қолға киргизди.
Бул басқышта қатнасыўшылардың билими таныстырыў, сораў-жуўап ҳәм еркин тема шәртлери бойынша баҳаланды. Өзиниң шығыўларында мәмлекетимиз Конституциясын қаншелли билиўи ҳәм нызамларымыздан хабардарлығы, қалаберди сахна ҳәм шешенлик мәденияты бағдарындағы шеберлигин көрсетти.
Ең белсенди ҳәм билимдан қатнасыўшы сыпатында өзин көрсете алған Нөкис қалалық 1-кәсип-өнер мектебиниң оқыўшысы Динмуҳаммед Ержанов таңлаўдың мәмлекетлик басқышына жоллама алды.
М.Ҳабибуллаев (сүўрет),
Қарақалпақстан хабар агентлиги