2019-жыл 30-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сенаторлар дәслеп Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жылғы қәрежетлерине өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселени додалады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетин орынлаў процесинде айырым тараўлар бойынша қәрежетлер көбейди, усы мүнәсибет пенен қосымша қаржылар бағдарланды. Бул бағдарлардағы қәрежетлер 10 проценттен зыятқа артыўы, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын сақлап турыў ушын қәрежетлер 12,3 процентке азайыўы күтилмекте.

Министрлер Кабинетиниң белгиленген тәртипте Сенат көрип шығыўы ушын киргизилген усынысына муўапық тийисли бағдарлар бойынша 2019-жыл ушын тастыйықланған Мәмлекетлик бюджет параметрлерин 11676,3 миллиард сумға арттырыў ҳәм 95,2 миллиард сумға азайтыў соралған. Мәселе парламент ағзалары тәрепинен мақулланды, Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин парламент ағзалары Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы ҳәм Самарқанд районы шегараларын өзгертиў ҳаққында, Сурхандәрья ўәлаяты қурамында Бандихон районын шөлкемлестириў ҳәм Қизириқ, Байсын ҳәм Қумқорған районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Соңынан сенаторлар Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен Нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы шегара бажыхана постларының жумысын үйрениў нәтийжеси бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайын үйрениўде бир қатар машқалалы мәселелер анықланғанлығы, сол себепли усы парламент сораўын жибериў зәрүрлиги жүзеге келгенлиги атап өтилди. Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар арзан турақ жайлар қурыў процесиндеги, сондай-ақ, халықты тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеў процесиндеги машқалалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинтине парламент сораўлары жиберилиўин мақуллады.

Олий Мажлис Сенатының ағзалары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени де көрип шықты.

Жалпы мәжилисте парламент жоқары палатасының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды. Барлық додаланған мәселелер бойынша Сенаттың тийисли қарарлары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилисинде 19 мәселе, соның ишинде, 10 нызам көрип шығылды. Сенаторлар тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикасы нызамлары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый базасын және де беккемлеўге. сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылғанлығы атап өтилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА