Турақлы раўажланыў бойынша мәмлекетлер аралық комиссиясы Арал теңизи бассейни машқалалары бойынша мәмлекетлер аралық қарар менен 1994-жылы 19-июльде шөлкемлестирилген болып, ол Орайлық Азия мәмлекетлериниң қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў тараўындағы регионаллық бирге ислесиўин муўапықластырады ҳәм басқарып барады.

Оның мәжилиси жылына бир мәрте өткерилип, өткен жылғы мәжилиси Түркменстанда болған еди.

Кеше Ташкент қаласында  Аралды қутқарыў халықаралық фондының турақлы раўажланыў бойынша мәмлекетлер аралық комиссиясының Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстанда турақлы раўажланыў бойынша мәмлекетлер аралық комиссиясының илимий-мәлимлеме орайы менен биргеликтеги Орайлық Азия мәмлекетлериниң ўәкиллериниң қатнасыўындағы мәжилиси өткерилип, онда 2020-2030-жылларда Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў ушын қоршаған орталықты қорғаў бойынша регионаллық бағдарламаны тастыйықлаў, жойбарлар презентациясы сыяқлы бир қатар мәселелерди додаланған еди.

Бүгин усы комиссия ағзалары ҳәм қәнигелер халықаралық конференция өткерилиўи мүнәсибети менен Нөкис қаласына келди. Олар Нөкис халықаралық аэропортында күтип алынды.

Олар бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде мәжилис өткереди, соң, Мойнақ районына барып экологиялық машқаланы сапластырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен танысады.

Саат 18:00де делегация ағзаларының И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхаты шөлкемлестирилип, 19:00де Жас тамашагөйлер театрында 24-октябрь – БМШ күни мүнәсибети менен рәсмий илаж өткериледи.

Еслетип өтемиз: БМШ қәўендерлигинде өткерилетуғын халықаралық конференция шеңбериндеги Аралды қутқарыў халықаралық фондының турақлы раўажланыў бойынша мәмлекетлер аралық комиссиясының мәжилислери, ушырасыўлары ҳәм басқа да илажлары ертең де даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги