Мойнақ жасларының компьютер технологиялары бойынша саўатлылық дәрежесин арттырыў, оларға қосымша заманагөй билим бериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен районда «Future Muynak» информациялық технологиялар орайы, сондай-ақ, Book cafе объектлери қурылып, усы жыл 23-октябрь күни пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында ТИТУ Нөкис филиалының баспасөз хызмети хабар берди.
Бул жерде жаслар 2D-графика, 3D-моделлестириў, веб-дизайн, программаластырыў, фото сүўретлерди қайта ислеў бойынша оқытылады, сондай-ақ, әдебий ҳәм илимий китаплардан пайдаланыў имканияты да жаратылған.
«Future Muynak» информациялық технологиялар орайының тренерлери ТИТУ Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары тәрепинен турақлы түрде оқытылып келинбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги