Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев санаатты раўажландырыў, нефть-газ өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм тутыныўшыларға турақлы жеткерип бериў бағдарындағы жумысларды таллаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Мәжилисте жуўапкерлер усы жылдың 9 айында өндирис көлеми, прогноз параметлериниң орынланыўы бойынша есап берди. Атап өтилгениндей, усы ўақыт даўамында санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 234,7 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7 процентке өскен. Оның 6,5 проценти экономика «драйвери» – өндирис санаатының үлесине туўра келген.
Атап айтқанда, автомобиль қурылысында үлкен өсиў пәтлери тәмийинленген. 2018-жылдың усы дәўирине салыстырғанда жеңил автомобиль ислеп шығарыў көлеми 40 процент, жүк машиналары 33 процент, автобус 3,8 мәртеге, автомобиль двигательлери 45 процентке артқан.
Басқа да тармақлар бойынша алып қарағанда, трикотаж гезлеме ислеп шығарыў 26 процент, былғары өнимлер 22, цемент 18, кабель өткергишлер 23, тутыныў товарларының көлеми дерлик 16 процент өскен.
Аймақлардың кесиминде ең жақсы көрсеткиш Әндижан, Наманган, Хорезм, Самарқанд, Ташкент ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында атап өтилген.
Мәмлекетимиз басшысының киши бизнести раўажландырыўға итибары, бул бағдарда қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларының нәтийжесинде елимизде исбилерменлик орталығы түп-тийкарынан жақсыланды. Оны усы жылдың басынан берли жәми 72 мың 400, санаат тармақларында 16 мыңға шамалас жаңа киши бизнес кәрханалары шөлкемлестирилгенинде де көриў мүмкин. Жәми киши санаат кәрханаларының саны 2018-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 25 процентке көбейген.
Исбилерменлердиң санааттағы үлеси де сезилерли артпақта. Усы жылдың 9 айында киши бизнес кәрханалары тәрепинен жәми 81 триллион сумлық өним ислеп шығарылған болып, ол жәми санаат өндирисиниң 34,5 процентин қурайды.
Санааттың раўажланыўы экспорт көлеминиң 24 процентке көбейиўин тәмийинледи. Соның ишинде, жеңил автомобильлер экспорты 3,3 мәрте, автобуслар 2 есе, жүк автомашиналары 1,5 мәрте, трансформатор ҳәм аккумуляторлар 2,7 мәрте, кабель өткергиш өнимлери 2,2 есеге, аяқ-кийим 2,1 мәрте артқан. Таяр трикотаж ҳәм тигиўшилик өнимлери 25, трикотаж гезлеме 31, таяр тоқымашылық өнимлери 38, азық-аўқат өнимлери 14, реңли металлар ҳәм олардан ислеп шығарылған өнимлер 45, қара металлдан ислеп шығарылған өнимлер 54 процентке артқан.
Экономика ҳәм санаат министрлигине санаат тармақларындағы жағдайды турақлы түрде таллап барыў, машқалаларды жеделлик пенен сапластырыў, аймақлардың санаат потенциалын және де арттырыўға түртки болатуғын система жаратыў бойынша тапсырма берилди. Онда киши ҳәм орта бизнес кәрханалары менен ислесиўге айрықша әҳмийет қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте нефть-газ тармағындағы жумыслардың жағдайы да талланды. Кейинги жыллардағы кең көлемли институтционалллық реформалар шеңберинде нефть-газ тармағында басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм системаны жетилистириўге қаратылған илажлардың әҳмийети атап өтилди.
Бул бағдарда тараўдағы айырым машқалалар, белгиленген жойбарларды әмелге асырыўдағы кемшиликлер додаланды. Жыл жуўмағы бойынша итималы болған кемшиликлердиң орнын толтырыў, сондай-ақ, 2020-жылда нефть, нефть өнимлери, тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ ислеп шығарыў ҳәм бөлистириў прогноз көрсеткишлерин қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Онда углевод шийки затын қазып алыў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыў, экономика тармақлары, халық ҳәм экспортқа жанылғыны үзликсиз жеткерип бериў, технологиялық қәрежет ҳәм жоғалтыўларды азайтыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Энергетика министрлиги ҳәм нефть-газ тармағы кәрханаларының басшыларына нефть өнимлери, тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ ислеп шығарыў және оларды экономика тармақлары ҳәм халыққа жеткерип бериў прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў, тартылып атырған қаржыларды мақсетли жумсаў, нефть-газ өнимлериниң экспорт көлемин арттырыў ушын қосымша резервлерди қәлиплестириў, қудықлардың кесиминде қазып шығарыў көлемин қадағалаў ҳәм есабын жүргизиў системасын енгизиў бойынша жуўапкерлерге жеке жуўапкершилик жүкленди.
Бул ўазыйпаларды муўапықластырыў ушын Есап палатасы, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлардың басшыларынан ибарат қурамда Жумысшы топар дүзиў усыныс етилди.
Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге тарялаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабат таярлаў, онда мәмлекетимиздиң тутыныўшыларын жанылғы-энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў илажларына итибар қаратыў тапсырылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тийисли илажлар белгиленди.
ӨзА