2019-жылдың 1-апрельден елимизде мобиль қурылмалар IMEI кодларын автоматластырылған тәризде дизимнен өткериў жумыслары басланған. Бул 3 басқышта әмелге асырылады:
1-апрельден – 1-ноябрьге шекем – автоматластырылған (бийпул) 1-ноябрьден 1-декабрьге шекем – арза арқалы (бийпул) 1-декабрьден баслап – арза арқалы (төлемли)
Қандай тексериў мүмкин?
Бүгинги күнде ислетип жүрген мобиль телефоныңыз ямаса сим-карталы планшетиңиздиң IMEI кодлары байланыс операторлары тәрепинен UZIMEI базасына автоматластырылған тәризде өткерилген.
Ҳәр қыйлы жағдайларда IMEI коды дизимнен өткен ямаса өтпегенин uzimei.uz сайтынан тексериўиңиз мүмкин. Телефон (планшет) IMEI кодын анықлаў ушын *#06# кодын териң.
Таза телефонларды не қылыў керек?
Егер телефоныңыз таза болса ҳәм оны еле бир мәрте болса да қолланбаған болсаңыз, 1-ноябрьге шекем оны бир рет сим карта салып, қолланың, сонда ол автоматластырылған тәризде дизимге алынады. Оның ушын хызмет ҳақысы алынбайды ямаса қосымша бирде-бир сайтқа кирип, сергиздан болыў шәрт емес.
Егер телефоныңыз 2 сим-карталы болса ҳәм оннан тек ғана бир сим-карта жайластырып пайдалансаңыз, онда 1-ноябрьге шекем екинши тәрепинен де сим-карта қойып, оны да бир мәрте қолланып көриң. Сонда ғана машқала болмайды.
1-ноябрьден не болады?
1-ноябрьден IMEI кодын дизимнен өткериў автоматластырылған болмайды, оның ушын SMS/USSD сораўлар UZIMEI системасының операторы, почта бөлимлери ҳәм басқа да усыллар арқалы әмелге асырылады. 1-декабрьге шекем ол бийпул болады.
1-декабрьден не болады?
1-декабрьден IMEI кодын дизимнен өткериў ушын ҳақы алынады. Онда баҳалар дизимнен өткериў мүддетине қарап 2 түрли болады. Мәселен, физикалық шахслар ушын:
таза телефонды қолланған баслап 30 күн ишинде дизимнен өткерсе – 44 мың 600 сум (20%);
таза телефонды қолланған баслап 30 күннен кейин дизимнен өткерсе – 55 мың 750 сум (25%).
Буның және бир әҳмийетли тәрепи, таза телефонның коди 30 күн ишинде дизимге алынбаса, телефон ислемей қалады. Дизимнен өткергеннен кейин ғана ислеўди баслайды. Соның ушын, телефон сатып алып атырғанда оның IMEI коды дизимнен өткенин әлбетте тексериң.
Қытай телефонларына не болады?
1-ноябрьден баслап ислеп шығарыўшысы белгисиз ҳәм IMEI коды ҳақыйқый болмаған қәлбеки Қытай телефонлары ислемей қалады. Оларды 1-ноябрьге шекем бир мәрте қолланып, автоматластырылған тәризде дизимнен өткерсе болады, кейин оның имканияты болмайды.
Бул ҳаққында блогер, ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худойбердиев aniq.uz сайтына мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги