Ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиев супер-контракттың ең минимум муғдарын қалай есаплаў бойынша өз кеңеслери менен бөлисти.

 

Быйылғы жылы супер-контракт баҳасы күндизги билимлендириў түринде стипендиясыз төлемли контракт муғдарына қарап есапланатуғын болды. Демек, төменде жәрияланатуғын кестеде көрсетилген контракт суммасын супер-контракттың есесине көбейтиўиңиз керек.

Сондай-ақ, 3 категориядан қайсы бирине байланыслы екенлигиңизди де анықлап алыўыңыз керек.

 

1-категория: кириў сызығына 4 баллға шекем жетпей қалған абитуриентлер

 

Буған төмендеги шкала әмел етеди:

1 баллға шекем жетпесе – 1,5 есе;

1,1 баллдан 2 баллға шекем жетпесе – 2 есе;

2,1 баллдан 3 баллға шекем жетпесе – 2,5 есе;

3,1 баллдан 4 баллға шекем жетпесе – 3 есе.

 

2-категория: кириў сызығына 4 баллдан артық жетпей қалған ҳәм өзи 56,7 баллдан көп балл топлағанлар

 

Бундай абитуриентлер супер-контракт ушын тапсырған бағдарына қарай төмендеги кестеде көрсетилген әпиўайы контракттиң минимум 10, 15, 20, 25 есесин төлейди.

 

3-категория: 56,7 баллдан аз топлағанлар

 

Бундай абитуриентлер де супер-контрактта оқыўы мүмкин, тек ғана кеминде 2-категориядағылар төлейтуғын сумманың 2 есесин төлейди.

 

Демек, абитуриентлер өзлери топлаған балл тийкарында кеминде қанша супер-контракт төлейтуғынлығын биймәлел есаплап алыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.