Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясында «2019-жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде теримшилер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәўсим даўамында балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланбаў бойынша Миллий мониторингди шөлкемлестириў бағдарында алып барылып атырған жумыслар» атамасында Брифинг өткерилди.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баспасөз хызметиниң хабарында айтылыўынша, бир неше жылдан берли пахта жыйын-терими мәўсиминде теримшилер ушын қолайлы шараятлардың жаратылыўын қадағалаў, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланбаў бойынша Миллий мониторинг өткерилип келинбекте.
Брифингде быйылғы жылы да усы мониторингди өткериў режелестирилгени, ол 25-сентябрьден 31-октябрьге шекем даўам ететуғыны ҳәм быйылғы Миллий мониторинг Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен шөлкемлестирилген Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы менен биргеликте өткерилетуғыны ҳаққында мағлыўмат берилди.
Мониторингге тармақ ҳәм аймақлық кәсиплик шөлкемлери, Ҳаял-қызлар комитети, Саўда-санаат палатасы, Жаслар аўқамы ҳәм орынлардағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, жергиликли ҳуқық қорғаўшылар да тартылатуғыны билдирилди.
Сондай-ақ, Миллий мониторингте АҚШ, Европа мәмлекетлери ҳәм бир қатар халықаралық кәсиплик аўқамлар орайлары ўәкиллериниң қатнасыўы да күтилип атырғаны атап өтилди.
Мониторингди өткериўден тийкарғы мақсет – пахта жыйын-терими мәўсиминде теримшилер ушын қолайлы шараятлардың жаратылғанын баҳалаў, пахта жыйын-терими жумысларына 18 жасқа толмаған шахслардың, оқыўшы ҳәм студентлердиң, бюджет мәкемелери хызметкерлериниң мәжбүрий мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмаўы бойынша жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, анықланған кемшиликлерди сол жердиң өзинде сапластырыў болып табылады.
Үйрениў процесинде пахта терип атырған жас өспиримлер анықланса, оларды тезлик пенен атыздан алып шығыў ҳәм оқыў орнына ямаса жасаў орнына қайтарыў илажлары көриледи. Бул ҳаққында акт дүзиледи ҳәм мийнет инспекциясына айыпкер шахсларға шара көриў ушын жибериледи.
Мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў жағдайлары анықланғанда тезлик пенен акт дүзиледи ҳәм мийнет инспекциясы шақырылып, оларды жумыс орынларына қайтарыў илажлары көриледи. Соның менен бирге, бул жағдайды үйрениў ушын аймақлық «Қайта байланыс механизми» (МОС) ўәкиллерине де хабар бериледи.
Хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўға қаратылған Қайта байланыс механизми (МОС) Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасында шөлкемлестирилген болып, мәўсим даўамында үзликсиз түрде күни-түни ислейди, онда 1092 қысқа «Исеним телефоны», интернет сайтлар, телеграм социаллық тармағы имканиятларынан кең пайдаланылады.
Миллий мониторинг дәўиринде үйрениў нәтийжелерин жәрияламаў принциплерине әмел етиледи ҳәм мониторинг жуўмақлары декабрь айында Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте өткерилетуғын дөгерек сәўбетинде ҳәр тәәреплеме баян етиледи (Өзбекстан Республикасының «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы ҳәм «Жеке мағлыўматлар ҳаққында»ғы Нызамлары және Халықаралық мийнет шөлкеми менен келисилген «Мониторинг методологиясы» талапларына муўапық жәрияламаў принциплерине әмел етиледи).
-кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердиң хызметкерлеринен ҳеш кимди мийнет шәртнамасын бийкарлаў ямаса ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққында қорқытып пахта жыйын-теримине тартыў мүмкин емеслиги;
-ҳеш бир кәрхана, шөлкем, мәкемениң баслығы хызметкерлерди пахта жыйын-теримине жибериў ҳаққында буйрық шығарыўы мүмкин емес екенлиги;
-мийнекешлер, исбилерменлер, дийқан базарларында саўда менен шуғылланыўшылар, мәҳәллелерде жасайтуғын пуқаралардан пахта жыйын-терими ушын пул қаржыларын жыйнаў қатаң түрде қадаған етилетуғынын;
-терилген пахтаның ҳәр бир килограммы ушын төленетуғын терим пуллары ҳәр бес күнде, теримшилердиң қәлеўине бола зәрүрлик болғанда – ҳәр күни төлениўи керек екенлигин айрықша атап өтиў зәрүр.
Бюджет шөлкемлериниң хызметкерлери, оқыўшы ҳәм студентлерди, улыўма, пуқараларды пахта жыйын-теримине мәжбүрлеў ямаса бундай жумысларды басқалар орынлағаны ушын пул жыйнаў жағдайлары жүз бергенде ҳуқық қорғаў уйымларына ямаса кәсиплик аўқамларының 10-92 қысқа номерли «Исеним телефоны»на хабар берилиўи керек.
Сондай-ақ, мәәжбүрий мийнеттиң қәўпин келтирип шығаратуғын басқа да белгилер, яғный пуқараның әззилигинен пайдаланыў, алдаў, ҳүжжетлерди алып қойыў, мийнет ҳақысын бермеў, қәўипли мийнет шараятларында жумсаў, жумыс ўақты нормаларына әмел етпеў сыяқлы жағдайларда да жоқарыдағы «Исеним телефоны»на мүрәжат етиўге болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги