Усы жыл 16-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған екинши ҳәм үшинши грант таңлаўларының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы, Парламент комиссиясының ағзасы Б.Матмуратов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен «Руўхый жақтан жетик ҳәм жоқары билимли жас әўладты тәрбиялаўда социаллық шерикликти күшейтиў» ҳәм «Саламат турмыс тәризин орнатыўда пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин арттырыў» темаларында жәрияланған таңлаўда  Өзбекстан Республикасы  көзи әззилер жәмийети Нөкис қалалық бөлимшеси, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети жанындағы Ҳаяллар социаллық реаблитация орайы, Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы «Арал» спорт клубы, сондай-ақ, «Қарақалпақстан ҳаўазы» ҳәм «Шымбай ҳаўазы» газеталары редакциялары жеңимпаз деп табылды.

Илажда грант таңлаўы жеңимпазларына сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

-Бизиң «Шаңарақты қорғаў-турақлылық факторы» темасындағы жойбарымыз жеңимпаз болып, фонд тәрепинен қаржыландырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети жанындағы Ҳаяллар социаллық реаблитация орайының баслығы Саёра Насырова.-Мақсетимиз, тартыслы жағдайлар, соның ишинде, шаңарақлық-турмыслық зорлық ислетиўдиң, усыған алып келетуғын жағдайлар ҳәм олардың алдын алыўда мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң бирге ислесиўин тәмийинлеў болып табылады.

Илаж соңында Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен жәрияланған гезектеги төртинши ҳәм бесинши Мәмлекетлик грант таңлаўлары бойынша мағлыўмат берилди ҳәм бәршени белсене қатнасыўға шақырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.