Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-январьдағы қарарына муўапық Қорғаў бас басқармасы Ишки ислер министрлиги қурамынан Миллий гвардия қурамына өткерилди.

Қорғаў бас басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери Миллий гвардияға өткерилгенлиги мүнәсибети менен олардың хызмет алып барыўына байланыслы ўазыйпалары, сондай-ақ, ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеўши Өзбекстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң 2019-жыл 3-июльдеги 555-санлы «Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы қорғаў хызметиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары менен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызмети ҳаққында реже тастыйықланды.

 

ӨзА