14-ноябрь күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы мәмлекетлик музыкалы театрында «Мәҳәллелерде ҳуқықбузыўшылықлардың ерте алдын алыў механизмлери» темасында оқыў-семинар болып өтти.
Семинарда атап өтилиўинше, ендигиден былай арнаўлы дизимге алынған шаңарақлардағы орталықты саламатластырыў, жаслар ҳәм жасөспиримлер арасында ҳуқықбузылыўшылықлардың алдын алыў, мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў мақсетинде оларға жәмийетлик шөлкемлер бекитилип қойылады.
Мәселен, Ҳаял-қызлар комитети жанынан усы мақсетте дүзилген «Қәйин енелер кеңеси» тынышсыз, берекетсиз шаңарақларды, ажырасыў ушын арза бергенлерди, жынаят ислеген ҳаял-қызларды руўхый жақтан саламатластырыў мәселелери менен шуғылланады. Ал, Нураныйлар жәмийетшилик кеңеси жынаят ҳәм ҳуқықбузыўшылықлар ислеген шаңарақлардың, есапта турған жас өспиримлердиң профилактикасы менен айланысады. Социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша комиссияларға болса кем тәмийинленген шаңарақлар, жалғыз баслы адамлар менен майыплардың мәселелерин шешиў жүкленеди.
Семинарда қатнасыўшылар өз усынысларын бериў менен бирге, жумысларын бүгинги күн талабына муўапық шөлкемлестириўде пайдасы тийетуғын алдынғы тәжирийбелер менен танысты.
Усындай семинарлар барлық қала ҳәм районларда болып өтпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.