Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының басламасы менен шөлкемлестирилген кәсиплик аўқамлары жасларының «ТЕМП – 2019» Ташкент халықаралық форумы басланды.

Форумның ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қ.Рафиқов «ТЕМП – 2019» форумы елимизде Президентимиздиң басламасы менен халықты, әсиресе, жасларды күшли социаллық қорғаў бойынша алып барылып атырған системалы жумыслар, усы бағдарда ерисилген тәжирийбе, жетискенликлерди дүнья жүзи жәмийетшилигине жеткериў ҳәм үгит-нәсиятлаўға хызмет етиўи менен әҳмийетли екенин атап өтти.

Абырайлы илажда 20 ға шамалас мәмлекеттен 120 ға шамалас жас, сондай-ақ, 150 ге шамалас Өзбекстан Кәсиплик аўқамларының белсендилери қатнаспақта.

Қатнасыўшылар форум шеңберинде Самарқанд қаласындағы жаслар орайында мийнеткеш жигит-қызлар, яғный исбилермен ҳәм фермерлер менен ушырасты, тарийхый орынларға саяхат етти. Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы «Чарос» мийманханасында психологиялық тренинг ҳәм қызықлы ойынлар шөлкемлестирилди. Қатнасыўшылардың улыўмалық тәреплери, қызығыўшылықлары ҳәм көзқараслары креатив қатнас жасаў тийкарында көрсетип берилди. Еслеў қәбилети, пикирлеўи ҳәм оперативлилиги ҳәр қыйлы бағдарлар арқалы сынақтан өткерилди.

Форум шеңберинен орын алған Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы қарамағындағы санаторийлардың көргизбеси, миллий липаслар фестивалы да ҳәммеге унады.

– Мен Термиз қаласында туўылғанман, – дейди Аўғанстан Кәсиплик аўқамлары халықаралық кеңесгөйи Света Азими. – Үш жасымда Аўғанстанға көшип кеткенбиз. Аўғанстан Кәсиплик аўқамларында алты жылдан берли жумыс ислеймен. Түрли мәмлекетлерде шөлкемлестирилген форум, конференцияларда қатнастым. 20 ға шамалас мәмлекет жасларын бир жерге жәмлеп, абырайлы форумды шөлкемлестириўдиң өзи болмайды. Өткен алты жыл даўамында мен қатнасқан халықаралық форумлардың ең үлкени ҳәм ең қанаатландыратуғыны усы болды десем, қәтелеспеген боламан. Мәмлекетиңизде кәсиплик аўқамлары системасында жаслар менен ислесиў бойынша жаратылған өзине тән механизм, жаслар мәселеси менен шуғылланатуғын структуралардың жумысы менен жақыннан танысып  атырмыз.

Мийманлар Президентимиз тәрепинен жас әўладти мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алға қойылған 5 әҳмийетли басламаның мазмун-мәниси менен таныстырылды.

Ташкент халықаралық форумы қатнасыўшыларда мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған итибар, оларға жаратылып атырған шараятлар, бул процессте елимиздиң кәсиплик аўқамларының тутқан орны, әсиресе, Ўатанымыздың ески тарийхы ҳәм бай мәденияты ҳаққында жақсы тәсир қалдырмақта.

Көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары, Жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоев қатнасты.

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның хабаршысы