2019-жыл 13-июнь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Депутатлар жумысты қызғын пикир-таласларға себеп болған «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығыўдан баслады. Бул нызам жойбары мийнетти қорғаў мәселелери, бәнтлик тараўында белгиленген кепилликлерди тәмийинлеў ҳәм жас өсипиримлердиң мийнетинен пайдаланыў, мийнетке ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлеў сыяқлы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған.

Бул жойбар комитетлерде додаланғанда көплеген тартысларға себеп болғанын ҳәм бир қатар нормалар бойынша депутатлар өзиниң усынысларын киргизгенлигин атап өтиў керек. Сол себепли де бул нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жуўапкер комитет тәрепинен усы мазмундағы административлик жумысларды көрип шығыўға байланыслы әмелияты терең үйренилди, статистикалық мағлыўматлар талланды. Нәтийжеде нызам жойбарын киргизген интакердиң бир қатар усыныслары тийкарсыз деп табылып, оның бир қатар статьяларына кескин өзгерислер киргизилди.

Соның ишинде, нызам интакери тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске мийнет, бәнтлик ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамбузыўшылықларды сапластырыў ҳаққында ўәкилликли  мәмлекетлик уйымның көрсетпесин орынлаўдан бас тартқаны, өз ўақтында ямаса тийисли түрде орынламағаны ушын административлик жуўапкершиликти енгизиў ҳәм бул жумысларды көрип шығыў ўәкиллигин Мәмлекетлик мийнет инспекциясына бериўди белгилеў усыныс етилген еди.

Депутатлардың тийкарланған усынысы бойынша бундай административлик жумысларды көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судларға өткерилди. Парламент ўәкиллериниң атап өтиўинше, жазалаў ўәкиллигиниң қадағалаўшы уйымның ықтыярында қалдырылыўы бул тараўда коррупция жағдайы пайда болыўын күшейтеди.

Соның менен бирге, нызам жойбарының дәслепки жағдайы бурынлары нәзерде тутылмаған жаңа, яғный жумысқа қабыл етиўди режелестириў тәртибин, жумыс орынларының мийнет шараяты бойынша аттестиацияны өткериўге байланыслы нызам ҳүжжетлери талапларын, өндиристе жүз берген бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсиплик кесилликлерди үйрениў және есапқа алыў талапларын бузғанлығы ушын административлик жуўапкершиликти белгилеў усыныс етилген еди.

Депутатлардың пикиринше, раўажланыўдың жаңа басқышында, жынайый ҳәм административлик жуўапкершилик либералластырылып атырған бир шараятта және жаңа жаза илажларын енгизиў реформалардың мазмун-мәнисине қарама-қарсы есапланады. Додалаўлар ўақтында депутатлар оның нормаларын жетилистириў бойынша кескин сын көзқарастан пикир-усыныслар билдирип, бир қатар әмелий усыныслар берди. Сол себепли, бул усынысларды есапқа алған нызам жойбары күн тәртибинен шығарылды ҳәм және де нормаға келтирген ҳалда гезектеги мәжилисте қайта көрип шығылатуғын болды.

Буннан соң депутатлар «Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалады.

Бул нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилгеннен кейин депутатлар, тараў қәнигелери ҳәм мәпдар министрликлер және уйымлардың ўәкиллери тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында буннан былай да жетилистирилгенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, бул тараўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўда қатнасыўшы басқарыў ҳәм қадағалаў уйымлары (оператор ҳәм регулятор), сондай-ақ, атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы лицензияланатуғын жумыс түрлери, лицензиялаў ушын қойылатуғын тийкарғы талаплар және де анық етип белгиленди. Тараўда әмелге асырылатуғын мәмлекет қадағалаў, қадағалаў бағдарлары ҳәм қадағалаўшы уйымлардың дизимине анықлық киргизилди.

Қызғын өткен додалаўлардың ўақтында депутатлар тәрепинен тиккелей ҳәрекет ететуғын нызамларды ислеп шығыў керек екенлиги, бул нызам жойбарында болса көплеген усынылған нормалар бар екенлиги, атом энергетикасы тараўы мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысында оғада үлкен әҳмийетке ийе екенлигин есапқа алған ҳалда оны буннан былай да жетилистириў кереклиги атап өтилди. Соннан кейин, бул нызам жойбары да күн тәртибинен шығарылды ҳәм нормаға келтирген ҳалда кейинги мәжилис күн тәртибине киргизилетуғын болды.

Парламент ағзалары тәрепинен «Халықаралық мийнет шөлкеминиң 1930-жылдағы Мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-санлы Конвенциясына Баянламаны ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарының көрип шығылыўы бул тараўда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық даўамы есапланады. Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-августтағы қарары менен тастыйықланған «Жол картасы»нда – «Қәўипсиз ҳәм қорғалған мийнет» илажлары бағдарламасының орынланыўы шеңберинде ислеп шығылған.

Усы Баянламаға бола, ХМШниң ҳәр бир ағзасы Конвенциядан келип шығатуғын миннетлемелерди орынлаўда мәжбүрий мийнетти сапластырыў керек.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи халықаралық инсан ҳуқықлары шөлкемлери менен конструктивлик бирге ислесиўди күшейтиў, мәжбүрий мийнет қурбанларының ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў тараўында раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў имканиятын береди.

Мәжилисте Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған «Аңшылық ҳәм аң хожалығы  ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Сондай-ақ, депутатлар Наўайы ўәлаятының Наўайы қаласы ҳәм Кармана районы шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Ол бойынша, Кармана районындағы «Жаслық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан – 1 071,44 гектар, «Варқ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан – 26,14 гектар жер майданлары Наўайы қаласының қурамына өткерилмекте.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының тийисли қарары қабыл етилди.

Мәжилисте бир қатар депутатлар тәрепинен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған баслама көрип шығылды. Депутатлардың атап өтиўинше, мәмлекетимизге алып кирилип атырған пальма майы ҳәм оның қурамында ислеп шығарылып атырған азық-аўқат өнимлериниң инсан саламатлығына тәсири ҳәм азық-аўқат санаатындағы бар стандартлардың талапларына әмел етилиўи мәселелери бойынша үйрениўлер өткериў керек.

Додалаўлардан кейин жуўапкер комитетлерге усы мәселени терең үйренип, 10 күн мүддетте тийисли жуўмақ таярлаў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте сондай-ақ, парламенттиң төменги палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

 Нызамшылық палатасының

 Баспасөз хызмети

 

ӨзА