Усы жыл 18-майдан 31-майға шекем  «Халықаралық музейлер күни» мүнәсибети менен Өзбекстан Көркем өнер галереясында  И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң топламынан сайлап алынған шығармалар көргизбеси қойылмақта.

Бул ҳаққында музей жәмәәти хабар бермекте.

Көргизбеге қойылған ҳәр бир шығарма әпсаналық, анық бир тарийхый дәўирдиң мәдений көринисин сәўлелендиреди.

Көргизбе  топламы  өз өмирин ҳәм дөретиўшилигин Өзбекстанға, әсиресе, Нөкис пенен байланыстырған шахс – И.В.Савицкий менен байланыслы. Онда урыс дәўириндеги эвакуация ўақтында И.В.Савицкий Самарқандтың тарийхый естеликлерин өз дөретпелеринде сәўлелендирген. Кейин, ол археологиялық экспедиция қурамында Хорезмге келип, әййемги артефактлерди көрип ҳайран қалады. Буннан кейин ол қарақалпақ әмелий көркем өнерин жыйнаўға қызығып қалады ҳәм оларды Анри Матисс, М.Врубель  шығармаларына салыстырады. И.В.Савицкий тәрепинен ашылған рус ҳәм өзбек авангард дүньясы 1970-жылларда еле рәсмий тән алынбаған болса да, оларды Нөкистеги музейде сақлап қойыўды ойлайды ҳәм солай ислейди. Көргизбеде В.Рождественский, А.Волков, У.Тансиқбаев, Н.Карахан, А.Николев (Уста Мўмин), В.Уфимцевтың шығармалары да орын алған.

Көргизбеде музей топламынан орын алған шығармалардың бир бөлеги ғана көрсетилип атырған болса да, олар өзине тән тарийхый дәўирди, түрли дөретиўшилик мийнетлердиң өзине тәнлигин, көркемлик көринисин, улыўмаинсаныйлық гуманистлик қәдириятлары бирлестирген.

Көргизбе 31-майға шекем  даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы