Усы жыл 3-6-апрель күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Ташкент қаласында гастроль сапарында болады.  

Театр жәмәәти 3-апрель күни Мәмлекетлик рус академиялық драма театрында, 3-4-апрель күнлери аралығында Муқимий атындағы Өзбек мәмлекетлик музыкалы театрында,  5-6-апрель күнлери аралығында Өзбекстан Миллий академиялық драма театрында жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың «Жәмийла» шығармасы тийкарында сахналастырылған спектакльди сахнаға қойыўды жобаластырған.

Бул ҳаққында бизге театрдың әдебий бөлим баслығы Гәўҳар Рахманова мағлыўмат берди.

Гастроль сапарының тийкарғы мақсети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 27-августтағы «Министрликлер ҳәм мәкеме хызметкерлериниң театрға барыўын шөлкемлестириў ҳәм театрлардың республика бойлап гастроль сапарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис баянламасын орынлаўдан ибарат.

Спектакль режиссёр М.Үсенов тәрепинен сахналастырылған болып, сахна декорацияларын художник З.Сайпов таярлаған. Сондай-ақ, спектакльде К.Рахмановтың қосық қатарларынан пайдаланылған.

Мағлыўмат ушын, жазыўшы Ш.Айтматовты туңғыш мәрте дүньяға танытқан, 1958-жылы жазылған бул қунлы шығарма, дүнья халықларының 40 тан аслам тиллерине аўдарма исленген.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.