Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен сүмелек сейили шөлкемлестирилди.

Институттың ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми басламасы ҳәм барлық ҳаял-қыз профессор-оқытыўшылардың қоллап-қуўатлаўы менен студентлер турақ жайы алдында сүмелек писирилди.

Жаслар ушын ҳәр қыйлы таңлаўлар: қосық айтыў, аяқ-ойын ойнаў, қызықлы сораў-жуўаплардан ибарат ойынлар шөлкемлестирилди.

Сүмелек пискеннен соң, жасыүлкенлердиң дуўайы-пәтиясы менен қазанның қақпағы ашылды. Ең қызықлысы сонда, сүмелекте мәўижленип турған теңиз толқынлары ҳәм балықлардың көриниси пайда болды.

 

Фотолар авторы: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.