Қазақстан Республикасы карантин  хызмети 20-февральдан Өзбекстаннан әнар алып кириўди ўақтынша қадаған еткен еди.

 Астана қаласында «Ўздавкарантин» инспекциясы менен Қазақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери арасында ушырасыў өткерилди. Бул ҳаққында «Ўздавкарантин» инспекциясының мәлимлеме хызмети хабар берди.

Бул ушырасыўда әнар импортына қойылған шеклеўди бийкарлаў, сондай-ақ, карантин астындағы өнимлердиң фитосанитариялық жағдайы, еки мәмлекеттиң карантин хызметлери арасында экспорт ҳәм импорт етилип атырған миўе-овощларды фитосанитариялық тексериўден өткериўде биргеликтеги қадағалаўды буннан былай да күшейтиў сыяқлы мәселелер додаланды.

Сөйлесиўлерде Қазақстанға Өзбекстаннан әнар алып кириў ушын орнатылған ўақтынша қадаған етиў 14-марттан баслап алып тасланыўына ерисилди.

Буннан былай экспортшы исбилерменлер Қазақстанға әнарды фитосанитариялық қадағалаўдан өткерип, экспорт етиўи мүмкин.

ӨзА